Рамазан – меҳир-мүриўбет, аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик айы

Президентимиздиң “Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында”ғы қарарына муўапық, Рамазан айын “Рамазан – мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик айы!” сүрени тийкарында мазмунлы ҳәм саўаплы әмеллер менен өткериў мақсетинде аймақларда кең көлемли қайырқомлық ҳәм ифтарлық илажлары шөлкемлестирилмекте.
Усы мүнәсибет пенен, Шоманай районында да халықтың жәрдемге мүтәж ўәкиллери ушын ифтарлық дастурханы жайылды.
Илажда Шоманай районы ҳәкими А.Аметов, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов ҳәм район бас имам-хатиби Б.Амедов қатнасты.
Олар Муқаддес Рамазан айы мүнәсибети менен бәршени қызғын қутлықлап, бул илажлар халқымыз арасында мийрим-шәпәәтти, кеңпейилликти ҳәм аўызбиршиликти және де беккемлеўге, физикалық имканияты шекленген ҳәм жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаўға хызмет етип атырғанын атап өтти.
Сондай-ақ, илажда Рамазан айының пазыйлетлери, сақаўат ҳәм шүкиршиликтиң инсан өмириндеги орны атап өтилип, дуўаға ашылған қоллар, нураныйлардың жақсы тилеклери ҳәм пәк нийетлери ифтарлық дастурханына өзгеше пайыз бағышлады.

Әлбетте, бундай қайырлы илажлар жәмийетимизде инсаныйлық, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик қәдириятларын және де беккемлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги