Жалған қоңыраў, миллионлаған зыян: корпоратив дүнья қәўип астында

25

Жылдың басында Ҳиндстан социаллық тармағында “Bombay Stock Exchange” бас директоры Сундарараман Рамамурти инвесторларға акция таңлаў бойынша мәсләҳәт берип атырғаны сәўлеленген видеокөринис тарқалды. Тамашагөйлерге болса “жоқары дәрамат” ўәде етилген. Негизинде бул жасалма интеллект жәрдеминде таярланған жалған реклама еди.

– Оқыўшылар бул роликти көрип, мисли мен усыныс бергениндей, акция сатып алыў ямаса сатыўға кирисиўи мүмкин еди, – дейди Рамамурти.

Дәрҳал шағым жиберилген, жайластырылған платформалардан роликти өшириў талап етилген ҳәм базар қатнасыўшылары ескертилген. Видеоны болса қанша адам көргени белгисиз.

Кейинги еки жылда бундай жағдай кескин көбейди. “Last Pass” басшысы Карим Туббаныӊ мәлим етиўинше, усы сыяқлы алдаўшылық дерлик 3000 процентке артқан. 2024-жыл оның өзи де нышанаға алынған екен: компания хызметкерине “WhatsApp” арқалы “тез жәрдем” соралған аудио ҳәм текстли хабар жиберилген. Мүрәжат басшыныӊ атынан. Жақсы болғаны, хызметкер гүманланған: бет рәсмий емес, мәлимлеме жеке телефонға келген. Ўақыя киберқәўипсизлик бөлимине жеткерилген ҳәм кеўилсиз ҳәдийсениң алды алынған.

Гейде сизден әўмет жүз бурыўы да мүмкин. 2024-жылы “Аруп” компаниясы хызметкери видеоқоңыраў арқалы финанслық директор деп таныстырылған шахс пенен “жасырын операция”сын додалаўды өткереди. Усы тийкарда 25 миллион доллар бес есап бетине бөлип өткериледи. Кейин ала қоңыраў етиўшилер жалған екенлиги анықланады.

Қәнигелердиң айтыўынша, бүгин ҳақыйқый даўыс ҳәм видео жаратыў бир неше минутлық жумыс. Әпиўайырақ ҳүжим 500-1000 долларға түсиўи мүмкин. Қурамалы операция баҳасы болса 5-10 мың доллар әтирапында.

Тәбийғый, қорғаў технологиясы да раўажланбақта. Заманагөй тексериў бағдарламасы инсанның жүз ҳәрекети, бас бурыўы, ҳәттеки бет терисиндеги қан айланыў тезлигин де таллап, материал жасалма ямаса ҳақыйқый екенлигин анықлаўы мүмкин.

Технология изертлеўшилериниң атап өтиўинше, ҳәзирги процесс ҳүжим ҳәм қорғаныў арасындағы жарысқа уқсас. Бир тәреп белгили бир жаңалық қолланса, екинши тәреп тезирек алдаўшылықты ашыўға ҳәрекет етеди. Машқаланың және бир тәрепи бар: кибер қәўипсизлик тараўында қәниге жетиспейди. Компаниялар енди-енди басшылар дәрежесиндеги жалған мүрәжат қәўпине айрықша итибар бере баслады.

Жуўмақ сонда, енди тек ғана “көзим менен көрдим” деген исеним жетерли емес. Санлы дәўирде ҳәр қандай визуал өним ҳақыйқатлық емес.

Мусулмон Зиё, ӨзА