Видеочелленджлер таңлаўы жеңимпазлары анықланды

Усы жылдың 18-27-февраль күнлери аралығында Ҳамид Олимжон ҳәм Зульфия Исроилованың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышлап “Қосыққа айланған тәғдир” атамасында видеочелленджлер таңлаўы өткерилген еди.
Таңлаўда 10 жастан 18 жасқа шекемги 100 ден аслам жаслар арасынан ең жақсы таярланған, сондай-ақ, Ҳамид Олимжон ҳәм Зульфия Исроилова дөретиўшилигин шеберлик пенен атқарған белсенди жаслар анықланды.
Нөкис қаласы “Жаслар орайы”нда усы таңлаўдың жеңимпазлары анықланып, сапалы видеочеллендж таярлаған 18 қатнасыўшыға қәўендерлер тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.
Таңлаў жуўмағында 1-орын Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң оқыўшысы Айжамал Шарапатдиноваға, 2-орын Шоманай районы 15-санлы мектеп оқыўшысы Қияс Ережепбаевқа, 3-орын Қоңырат районы 12-санлы мектеп оқыўшысы Балнур Мадреямоваға ҳәм 4-орын ҚМУ жанындағы академиялық лицейдиң оқыўшысы Машҳура Йўлдашеваға несип етти, сондай-ақ, 14 номинация бойынша жеңимпазлар анықланды.




Жақында Қарақалпақстан Республикасында жайласқан барлық улыўма орта билим бериў мектеплери, қәнигелестирилген оқыў орынлары ҳәм техникумларда билим алып атырған 16 жастан 18 жасқа шекемги оқыўшы жаслар арасында “Ҳамид Олимжон ҳәм Зульфия дөретиўшилиги бүгинги күнде де қунлы” атамасында шығармалар таңлаўы болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги