Отамуродқа “Президент саўғасы” тапсырылды

Хабарыңыз бар, усы жылдың 24-февраль күни Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жаслар менен өткерген сөйлесиўи даўамында хорезмли Отамурод Райимбаевтың бийбаҳа талантын айрықша атап өтип, оны дөретиўшилик жақтан және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Президент саўғасы” менен сыйлықлаған еди.
Президентимиздиң арнаўлы саўғасы жас талант ийесине оның шаңарақ ағзалары ҳәм устазларының қатнасыўында салтанатлы түрде тапсырылды.
Хорезм ўәлаятының ҳәкими Жўрабек Раҳимов BYD Chazor электромобилиниң гилтлерин Отамурод Райимбаевтың қолына тапсырып, бәринен бурын, Ҳүрметли Президентимиздиң итибары, бундай жоқары хошамет ҳәм исеними жас талант ийелерин келешекте және де үлкен шеклерге қарай руўхландыратуғынына гүман жоқ екенин атап өтти.
– Дөретиўшилик жумысымды енди басладым ҳәм Президентимиздиң алғысларына еристим, – дейди Үргенш районындағы 11-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Отамурод Райимбаев. – Ашығын айтсам, Республикалық таңлаўда Гран-при сыйлығын қолға киргизгенде де буншелли толқынланбаған едим. Олардың алдында қосық айтып атырғанымда пайда болған бул өзгеше толқынланыў еле басылмаған. Бәринен бурын, мәмлекетимиз басшысы маған қосық айтыўым ушын имканият бергени ҳәм аталардай меҳир көрсетип, маған автомашина саўға еткени ушын өз миннетдаршылығымды билдиремен. Енди мен сырт ел көркем өнер жоқары оқыў орынларында да билим алып, миллий көркем өнеримиздиң даңқын дүньяға жаймақшыман.
Отамурод мәмлекетимиз басшысы саўға еткен автомашина гилтлерин өз атасына берди. Жас дөретиўши ҳәм оның ата-анасы болса бундай жоқары итибар ушын мәмлекетимиз басшысына шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
– Ҳүрметли Президентимиз алып барып атырған ақылға уғрас реформалар бизиң шетки аўылларымызға да кирип бармақта, – дейди Отамурод Райимбаевтың әкеси Умарбек Каримов. – Себеби, мине, усындай алыс аўылда жасайтуғын биздей әпиўайы шаңарақтың перзенти жаслығынан көркем өнерге қызығып, бүгинги тән алыўларға ерисип атырғаны елимизде ҳәр ким меҳир ҳәм итибарда екенинен дерек береди. Мәмлекетимиз басшысының алдында улымның қосық атқарғаны тек ғана шаңарағымыз емес, ал Янгибазар районындағы “Таза Дўрман” аўылындағылар ушын да бир өмир есте қалатуғын қуўанышлы ўақыя болды. Киши мийнетимизге берилген бул сыйлық ушын шаңарағымыз атынан терең миннетдаршылық билдиремен.
Музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң 4-класында оқып атырған Отамурод Райимбаев ҳәзирги ўақытта устазларынан миллий музыка сырларынан алған сабақларын үйренбекте. Ол көрсетип атырған нәтийжелер тек ғана оның емес, ал оған тәлим-тәрбия берип атырған муғаллим-устазларының да жетискенлиги болып есапланады.
– Бул оқыўшымыз мектебимизге келгенинде “Халық саз әсбабы” бөлиминиң “Қашқар рубобы” класына қабыл етилген, – дейди оқытыўшысы Айбек Атаев. – Бир жылдан берли дәстүрий атқарыў менен де шуғылланыўды баслады. Мине нәтийжесин көрип турмыз. Кәмилжан Атаниязовтың “Мустаҳзод” қосығын ушырасыўда жанлы түрде атқарғанынан мен де бираз қәўетерге түстим. Себеби устазлардың бағдарында бул жаста қосық айтыўдың өзи болмайды. Буның ушын даўыс та, шеберлик те жетерли болыўы керек. Отамурод болса буны еплегенине қуўандым.
Хорезм әзелден илим ҳәм көркем өнер орайларынан бири болған. Бүгин мине усы мақтанышлы дәстүрдиң мүнәсип даўамшылары жетисип шығып атырғаны ҳәммени қуўандырмақта.
– Ҳүрметли Президентимиз Хорезмге сапарларынан биринде Үргенш районындағы 11-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине де келип, оқыўшылар, муғаллимлер ҳәм көркем өнер ғайраткерлери менен қызғын ушырасыў өткерген еди, – дейди Өзбекстан халық артисти Ғуломжон Эшчонов. – Сол ўақытта мәмлекетимиз басшысы: “Мен бул дәргайдан Кәмилжан Атаниязов, Отажон Худайшукуров сыяқлы көркем өнер ғайраткерлери жетисип шығатуғынына исенемен!”-деп атап өткен еди. Шәкиртимиз Отамуродтың Президентимиздиң итибарына түскени ҳәм бүгинги күнде қолға киргизип атырған жетискенликлери, әлбетте, оның келешекте уллы устазларымыз изинен барып, миллий көркем өнеримиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўына беккем тийкар жаратады.
Отамурод Райимбаев сыяқлы жас талант ийелериниң қоллап-қуўатланыўы мәмлекетимизде жас әўладтың дөретиўшилигин арттырыўға ҳәм көркем өнер тараўына болған қызығыўшылығын және де арттырыўға хызмет етеди.
ӨзА