Европада Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар жоқары баҳаланды

Брюсселде “Өзбекстан – Европа Аўқамы” парламентлик бирге ислесиў комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Сенат Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы мәжилисте еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларын додалады.

Европа тәрепи Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады ҳәм биргеликтеги күн тәртибин алға қойыўға таяр екенин билдирди.
Саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетимизге Европа инвестицияларын тартыў, қоспа кәрханаларды раўажландырыў ҳәм жоқары технологиялы өндирислерди жолға қойыў ушын қолайлы шараятлар жаратылғаны атап өтилди.

Саўда, инвестициялар, финанслық-техникалық жәрдем, санаат кооперациясы, әҳмийетли материаллар ислеп шығарыў, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы, “жасыл” ҳәм санлы экономика тараўларындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў, илим, билимлендириў ҳәм мәдений алмасыўларды жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Инсан ҳуқықлары тараўындағы бирге ислесиў, пуқаралық жәмийетин қоллап-қуўатлаў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.
Европа парламентинде (ЕА) “Реформалар ҳәм бирге ислесиў: Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы ушын жаңа күн тәртиби” атамасында дөгерек сәўбети де болып өтти.
Илажда Европа парламентиниң Өзбекстан бойынша турақлы баянатшысы Илхан Кючюк, ЕА депутатлары ҳәм институтлары, таллаў орайлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Делегация ағзалары “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери, соның ишинде, демократиялық реформалар, экономиканы либералластырыў, инсан ҳуқықларын қорғаў системасын беккемлеў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў бағдарында ерисилген нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берди.
Регионаллық бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шерикликти раўажландырыўға қаратылған ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаттың тийкарғы бағдарлары атап өтилди.
Европалы экспертлер әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады ҳәм Орайлық Азияның ЕА ушын әҳмийети барған сайын артып атырғанын атап өтти.
2025-жыл 24-октябрьде Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы саўда, инвестициялар, транспорт, әҳмийетли ресурслар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша пикирлесиў тараўларында бирге ислесиўди тереңлестириў ушын беккем тийкар жаратады.
Транспорт ҳәм энергетика байланысларын раўажландырыў, соның ишинде, Транскаспий транспорт коридорын раўажландырыў, сондай-ақ, билимлендириў, илим, санластырыў, жасалма интеллект ҳәм “жасыл” экономика тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Дөгерек сәўбети тәреплердиң сиясий сөйлесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўден өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады.
Н.Абдураимова,
ӨзА