ЖПХ жәрийма хатларын жеткерип бериў 1-марттан тоқтатылады

23

“Өзбекстан почтасы” АЖ 2026-жыл 1-марттан баслап жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын рәсмийлестирилетуғын ҳәкимшилик протоколлар, яғный жәрийма хатларын жеткерип бериўди тоқтатты.

Мәлим етилиўинше, бул қарар Ишки ислер министрлиги жанындағы Қәўипсиз қала системаларын раўажландырыў мәмлекетлик мәкемеси менен 2026-жыл ушын тийисли шәртнамаға қол қойылмағаны менен байланыслы.

Усы ўақытқа шекем ЖПХ Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти тәрепинен қәлиплестирилген жәрийма хатлары пуқараларға почта арқалы жеткерип келинип атырған еди. Енди болса шәртнама мәселеси шешилгенге шекем бул хызмет ўақтынша тоқтатылған.

“Өзбекстан почтасы” АЖ бул мәселеге байланыслы жаңа мағлыўматларды усынып барылатуғынын мәлим етти.

ӨзА