Халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстанның орны қандай?

27

Сенатта Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша республикалық кеңестиң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Сенат Баслығы, Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша республикалық кеңестиң баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте мәмлекетимизде алып барылған реформалар нәтийжесинде бир қатар халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстанның орны жақсыланғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, өткен жылы тийкарғы етип белгиленген 20 рейтингтиң 12 синде Өзбекстанның орны жақсыланды. Соның ишинде, “Moodyʼs” халықаралық рейтинг агентликлери тәрепинен Өзбекстанның суверен кредит рейтинг күтиўи биринши мәрте “турақлы”дан “унамлы”ға көтерилди. Электрон ҳүкиметти раўажландырыў рейтингинде Өзбекстан 193 мәмлекет арасында 63-орынды ийелеп, 6 текшеге көтерилди.

Өзбекстанның жетискенликлери биринши мәрте Жәҳән банкиниң жаңа “Business Ready” рейтингинде тән алынды. Соның ишинде, мәмлекетимиз үш индикатор бойынша избе-из реформаларды әмелге асырған 29 мәмлекет қатарына киргизилип, “Әмелияттың аңсатлығы” бағдары бойынша 1-топарда “топ-10” лықтан орын алды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў ҳаққындағы екинши миллий баянат жойбары көрип шығылып, бир қатар усыныслар берилди. Соның ишинде, тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў нәтийжелилигин арттырыў, төменлеў бақланған ҳәм өзгериссиз қалып атырған халықаралық рейтинглер ҳәм олардың структуралық индикаторларынан келип шығып реформаларды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаўға қаратылған әмелий илажлар бағдарламаларының орынланыўы мәселеси додалаў орайында болды.

Мәжилисте Өзбекстан ушын тийкарғы болған халықаралық рейтинглерде мәмлекетимиздиң орнын жақсылаў бойынша 2026-жылға мөлшерленген әмелий илажлар бағдарламалары (“жол картасы”) ҳәм илимий шөлкемлердиң илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў бойынша жыллық режелериниң жойбарлары да көрип шығылып, Республикалық кеңестиң тийисли қарары қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА