Рамазан – меҳир-мүриўбет айы

Рамазан айында жақсылық ислеў, адамлардың кеўлин алыў, жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў, оларға қайырқомлық көрсетиў ҳәр биримиздиң инсаныйлық миннетимиз болып табылады.
Әсиресе, нураныйларға, имканияты шекленген ҳәм басқалардың жәрдемине мүтәж пуқараларға итибар қаратыў Рамазан айының ең уллы қәдириятларынан бири болып есапланады.
Мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен Қараөзек районындағы пайызлы орынлардың биринде нураныйлар, өзгелердиң жәрдемине мүтәж ҳәм физикалық имканияты шекленген пуқаралар ушын ифтарлық дастурханы шөлкемлестирилди.

Бул ифтарлық илажы Рамазан айы руўхына сай сақаўат ҳәм адамгершиликтиң айқын үлгиси болып, онда район ҳәкими А.Баймуратов, бир қатар белсенди нураныйлар ҳәм пуқаралар, жаңа айдың басланыўы менен қутлықлап, шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығын билдирди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы