Тоқымашылық тараўы кәрханалары ўәкиллери менен ушырасыў шөлкемлестирилди

Орайлық банктиң басламасы менен тоқымашылық тараўында жумыс алып барып атырған текстиль кәрханаларының ўәкиллериниң қатнасыўында валюта базарындағы бүгинги тенденциялар ҳәм алмасыў курсының қәлиплесиў механизмлерине бағышланған ушырасыў шөлкемлестирилди.
Сөйлесиў даўамында мәмлекет экономикасы ушын айрықша әҳмийетке ийе болған бир қатар мәселелер, соның ишинде, валюта курсының динамикасы ҳәм оған тәсир етиўши ишки ҳәм сыртқы факторлар, инфляциялық таргетлеў режими шараятында өзгериўшең валюта курсының орны ҳәм әҳмийети, ишки валюта базарын буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды.
Илажда атап өтилиўинше, инфляциялық таргетлеў сиясаты шеңберинде өзгериўшең валюта курсы сыртқы шокларға бейимлесиўди тәмийинлейди, базар механизмлериниң еркин ислеўин қоллап-қуўатлайды ҳәм макроэкономикалық турақлылықты беккемлеўге хызмет етеди.
Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшылар өз пикир-усынысларын билдирип, мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Ш. Маматуропова, ӨзА