Лицей оқыўшылары менен сәўбетлесиў, жаңа табыслар…

4

Бир неше жыллардан берли билимли, инталы жасларды жетилистирип шығарыўда жақсы көрсеткишлерге ерисип киятырған Әжинияз атындағы НМПИ академиялық лицейи бүгинги күни де жаңа табыслары менен көзге түспекте.

Академиялық лицейде Жаслар күни мүнәсибети менен ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди. Онда академиялық лицей директоры Қ.Қалхоразов, НМПИ оқытыўшысы, билимлендириў сапасын қадағалаў бөлими бас қәнигеси Ж.Жумамуратов, жаслар менен ислесиў бойынша директор орынбасары Г.Машариповалар  лицейдиң оқыўшы жаслары менен ушырасты.

Онда Президентимиз тәрепинен жаслар ушын жаратып берилип атырған имканиятлар, билим алыў, тил үйрениў ҳәм санлы технологиялардан орынлы пайдаланыў бойынша сөз етилип, оларға усыныслар билдирилди.

Илаж соңында  “Сиз экологиялық нызамлықларды билесиз бе?” Республикалық таңлаўында I орынды ийелеген лицейдиң “Қара тал” командасының креатив пикирлейтуғын, билимли ағзалары Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. Команда ағзалары жақында болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизип, мүнәсип қатнасыў ушын таярланбақта.

Сондай-ақ, оқыў орнында билим алып атырған инталы, билимли  он оқыўшының «Академиялық лицей мақтанышы» стипендиясын алыў имканиятына ийе болыўы мүнәсибети менен оларды Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықлап,   оқыўларында табыс тиледи. Академиялық лицейде барлық пәнлерден жоқары көрсеткишлерге ийе ҳәм белсенди оқыўшылар ҳәр семестрде “Академиялық лицей мақтанышы” стипендиясы менен қоллап-қуўатланып барылатуғынлығы илажда атап өтилди.

Сәўбетлесиў усылында өткен ушырасыўда оқыўшы жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.

                                                                            Қарақалпақстан хабар агентлиги