Мектептиң жаңа оқыў имараты пайдаланыўға тапсырылды

Әмиўдәрья районындағы “Бозжап” аўыл пуқаралар жыйынында 68-санлы улыўма орта билим бериў мектеби ушын жаңа, заманагөй қосымша оқыў имараты ҳәм 12×24 өлшемдеги заманагөй спорт залы пайдаланыўға тапсырылды. Бул имараттың улыўма баҳасы 5 миллиард 950 миллион сумды қурап, 330 оқыўшыға мөлшерленген. Жаңа орын заманагөй архитектуралық шешим, қолайлы билимлендириў орталығы менен өзине тән.
Ашылыў мәресиминде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Сапаргүл Утемуратова ҳәм басқалар қатнасып, бул дөретиўшилик жумыслар елимизде билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў, жаслардың сапалы билим алыўы ушын жаратылып атырған шараятлардың айқын көриниси екенин атап өтти.
– Жаңа имарат тек ғана 68-санлы улыўма орта билим бериў мектеби ушын емес, ал районның билимлендириў тараўының раўажланыўы ушын да хызмет ететуғыны менен әҳмийетли, – дейди район ҳәкиминиң орынбасары Нодирбек Камалов. – Бул жерде ертеңги күни сырт еллердиң абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери жетисип шығады, деп үмит билдиремиз.
Жаңа имарат 3 қабаттан ибарат болып, барлық заманагөй талапларға толық жуўап береди. Ең әҳмийетлиси, мектепке арнаўлы лифт орнатылып, инклюзив билимлендириў талаплары тийкарында зәрүр шараятлар жаратылды. Бул болса имканияты шекленген балалар ушын да сапалы билим алыў имканиятын кеңейтеди.

Ҳәзирги күнде мектепте 227 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Оларға 27 тәжирийбели педагог сабақ бермекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги