Сабляшы қызлар Азия чемпионатында гүмис медальды ийеледи

2

Индонезия пайтахты Джакарта қаласында жаслар арасында спорттың қылышласыў түри бойынша өткерилип атырған Азия чемпионатында сабля бағдары бойынша командалық жарыс өз жуўмағына жетти.

Қызлар арасында өткерилген бул жарысқа континетимиздиң ең күшли 16 сайланды командасы қатнасып, өз-ара беллести. Атап айтқанда, командамыз ағзалары 1/8 финалда Австралияны 45:18, ярым финалда Қазақстанды 45:37 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, финаллық беллесиўде болса, сайланды командамыз қызлары қытайлы спортшыларға жеңилип қалды.

Қуўанышлы тәрепи сонда, мәмлекетимиз сайланды командасы қурамында Эррера Лара Луиза Фернанда менен бирге, республикамыз ўәкиллеринен Наргиза Жақсыбаева, Аякөз Жумамуратова ҳәм Наргиза Утебаевалар ҳәрекет етип, олар Азия чемпионатының гүмис медалы менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы