Абаданластырыў жумыслары бойыншы нәтийжелер көрип шығылды

ӨзЛиДеП Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўында жәмийетлик есап бериў мәжилиси болып өтти. Онда қаланы социаллық-экономикалық раўажландырыў, абаданластырыў жумысларының нәтийжелилиги ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды.
Мәжилисте Нөкис қалалық Абаданластырыў басқармасы тәрепинен өткен 2025-жылы әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат берилди. Есабатта “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылған көклемзарластырыў жумыслары, қала көшелери ҳәм магистраль жоллардың бойларына мыңлаған терек нәллери отырғызылғаны, заманагөй суўғарыў системалары енгизилгени атап өтилди. Сондай-ақ, мәўсимлик гүллер егиў, жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм агротехникалық тәрбиялаў жумыслары турақлы даўам еттирилмекте.
2025-жыл даўамында қала ишки жолларын оңлаў, асфальт-бетон қапламалар төсеў ҳәм қум-щебен қапламалы жоллар шөлкемлестириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Дренаж системаларын жаңалаў, жаңа қудықлар қурыў ҳәм ирригация тармақларын тазалаў арқалы инфраструктураны жақсылаўға айрықша итибар қаратылды. Соның менен бирге, сыртқы жақтыландырыў тармақларын модернизациялаў, қуяш панельли шырақлар ҳәм видеобақлаў үскенелерин орнатыў жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.


Есабат даўамында 2026-жылға мөлшерленген режелер де додаланды. Атап айтқанда, қосымша ирригация насосларын орнатыў, жаңа суўғарыў тармақларын қурыў, ишки жолларды оңлаў, дренаж системаларын кеңейтиў ҳәм заманагөй ыссыхана қурыў режелестирилгени мәлим етилди. Депутатлар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар инабатқа алынып, қаланы және де абат ҳәм қолайлы аймаққа айландырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги