Ашық бюджет порталында жаңа “AI жәрдемши” хызмети жолға қойылды

4

Бул ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди. Оған бола, ашық бюджет порталында халық ушын жаңа интерактив хызмет – жасалма интеллект технологиясына тийкарланған “AI жәрдемши” чат-бот жумысы жолға қойылды.

Бул санлы шешим пайдаланыўшыларға порталда усыныс етилип атырған имканиятлардан және де нәтийжели пайдаланыў ҳәм зәрүр мағлыўматларды жедел алыў шараятын жаратады.

Жаңа чат-бот жәрдеминде пуқаралар “Басламалы бюджет” процесине байланыслы сораўлар, “Мениң мектебим” ҳәм “Мениң бағым” жойбарлары ҳаққындағы мағлыўматлар, сондай-ақ, “Мәҳәлле бюджети” бағдары бойынша қызықтырған мәселелерге реал ўақыт режиминде жуўап алыў имканиятына ийе болады. Система пайдаланыўшылар мүрәжатларын автомат түрде таллап, тийисли мағлыўматларды қысқа ўақыт ишинде усынады.

Тараў қәнигелериниң пикиринше, бул хызметтиң иске қосылыўы мәмлекетлик бюджет ҳәм басламалы бюджетлестириў процесслери бойынша ашық-айдынлықты тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул болса пуқаралардың мәмлекетлик қаржыға байланыслы мәлимлемелерден хабардарлық дәрежесин арттырыў менен бирге, олардың процесслерде белсене қатнасыўын хошаметлейди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА