Инглис тили – келешек есиклерин ашатуғын гилт

Нөкис қаласындағы 47-санлы ҳәм Нөкис районындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектеплери менен биргеликте “English is the key to a bright future” (Инглис тили – жарқын келешек гилти) атамасында руўхый-ағартыўшылық ҳәм оқыў илажы болып өтти.
Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-майдағы “Шет тиллерин үйрениўди ғалаба ен жайдырыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында оқыўшылардың шет тиллерин пуқта үйрениўин тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасына сырт мәмлекетлерден 63 оқытыўшы тартылды.
– Бүгинги глобалласыў дәўиринде шет тиллерин, әсиресе, инглис тилин жетик билиў жаслар ушын тек ғана жеңиллик емес, ал дәўир талабына айланды, – дейди Нөкис районы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Мақсет Бегдуллаев. – Усы мақсетте шөлкемлестирилген бул илаж еки билимлендириў дәргайы арасында өз-ара тәжирийбе алмасыўды беккемлеў ҳәм оқыўшылардың тил үйрениўге болған ықласын арттырыўға хызмет етти.


Илажда Филиппин ҳәм Ҳиндстан мәмлекетлеринен де оқытыўшылар қатнасып, мәмлекетимизде шет тиллерине қаратылып атырған итибар айрықша атап өтилди. Шәртнамаға тийкар, ҳиндстанлы педагог Муҳаммад ал Таф Нөкис районындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинде усы жылдың январь айынан баслап оқыў жылы жуўмағына шекем инглис тилинен сабақ бериўи нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.