Көксуў ҳәм Аспантай елаты жаслары менен пикирлести

6

Мәмлекетимиз басшысы Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2026-жыл 24-февраль күни жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде өткерилген видеоселектор жыйналысында ҳәр ҳәптениң пийшемби күни «Жаслар күни» сыпатында белгилеп берилген еди.

Бул тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бозатаў районында әмелий жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, Көксуў аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Жаслар күни» шеңберинде «Басшы ҳәм жаслар» ушырасыўы өткерилди.

Өткерилген ушырасыўға Бозатаў районы ҳәкими Б.Уббиниязов, район прокуроры Ж.Аширбаев ҳәм районлық Ишки ислер бөлими баслығы У.Курбанбаева, сондай-ақ, тийисли тараў басшылары ҳәм жаслар қатнасты.

Ашықтан-ашық сәўбетлесиў түринде өткерилген илажда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Соның менен бирге, жаслардың билимлендириў, спорт ҳәм социаллық мәселелер бойынша усыныслары дыққат пенен тыңланды. Басшылар орынларда жүзеге келген машқалаларды өз ўақтында шешиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

Өткерилген «Жаслар күни» илажлары жаслардың социаллық белсендилигин арттырыўға ҳәм олардың мәмлекетлик басқарыўға болған исенимин беккемлеўге хызмет етеди. Ал, басшылардың жаслар менен турақлы байланыста болыўы – келешек ийелериниң өз потенциалын жүзеге шығарыўына үлкен таяныш болады.

Усы мазмундағы  ушырасыў Аспантай аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги