Ректор жаслар менен сәўбетлесип, пикирлерин тыңлады

8

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Бул қаншадан-қанша жаслар билим алып,  жаслық жылларының студентлик алтын дәўирин өткерген. Бүгинги күнде де университет билим алыў нийетинде болған жаслардың қәдирдан билим журты есапланады.

Президентимиздиң елимиз жаслары менен болған сөйлесиўинен соң берилген тапсырмаларды әмелге асырыў, жаслар менен жақыннан сәўбетлесип олардың пикирҳәм усынысларын тыңлап, машқалаларын шешиў ушын тийисли тараў басшыларының қатнасыўында жаслар күни белгиленген еди. Усы мүнәсибет пенен  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 9-санлы студентлер үйинде “Ректор ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўды университеттиң жаслар мәселелери руўхый ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов алып барды.

Илажда Бердияр Жоллыбеков шығып сөйлеп, университетте әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер ҳаққында айтып өтти. Атап айтқанда, бүгинги күнде студентлер ушын шет тиллерин үйрениў, санластырыў, заманагөй технологиялар ҳәм жасалма интеллект бағдарларында билим ҳәм көнликпелерге ийе болыў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Ректор ҳәзирги дәўир студентлери заман менен тең қәдем таслап, бәсекиге шыдамлы қәниге болып жетисиўи зәрүрлигин сөз етти ҳәм сондай-ақ, ушырасыўда студентлердиң басламаларын қоллап-қуўатлаў, олардың стартап жойбарлары ҳәм инновациялық идеяларын әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў университет администрациясының тийкарғы ўазыйпаларынан бири екенин атап өтти.

Ушырасыў даўамында жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў, жетекшилик көнликпелерин раўажландырыў, руўхый-ағартыўшылық тәрбияны күшейтиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Илажда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўаплар алды ҳәм университет басшылары менен тиккелей сәўбетлесиў имканиятынан қуўанышлы екенликлерин билдирди.

                                                                    Қарақалпақстан хабар агентлиги