27-февраль – Халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер күни

5

Бүгин, 27-февраль пүткил дүньяда Халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер күни сыпатында белгиленеди. Халықаралық МКШлар күни биринши мәрте 2014-жылы белгиленген.

Бул сәне МКШлардың жумысын тән алыў ҳәм олардың жәмийетлик турмыстағы орнын және де арттырыў мақсетинде алға қойылған. Баслама халықаралық дәрежеде қоллап-қуўатланып, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңберинде де тән алынған.

МКШлар – жәмийеттиң белсенди ҳәм интакер бөлеги сыпатында социаллық қорғаў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, инсан ҳуқықлары, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм басқа да көплеген бағдарларда әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырып келмекте. Олар халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәм пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўге үлес қосады. Жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, әҳмийетли машқалаларға инновациялық шешимлер усыныс етиў және мәмлекет ҳәм жәмийет арасында қарым-қатнас көпири ўазыйпасын атқарыўда МКШлардың орны әҳмийетли.

Өзбекстанда да соңғы жыллары МКШлардың жумысы ушын кең имканиятлар жаратылмақта. МКШларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған нызамшылық базасы жетилистирилди. Олардың баслама ҳәм жойбарлары жәмийеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта. Мәмлекетлик грантлар, социаллық буйыртпалар ҳәм субсидиялар системасы енгизилди.

Бүгинги күнде мыңлаған МКШлар ҳәр қыйлы тараўларда жумыс алып барып, халықтың абаданлығы ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына үлес қосып киятырғаны итибарға ылайық.

М.Комилова, ӨзА