Азық-аўқат өнимлериниң сапасы қалай қадағаланбақта?

10

 

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ашық сәўбетлесиў шөлкемлестирилди.

Мақсет – базарларға сатыў ушын шығарылып атырған шарўашылық ҳәм азық-аўқат өнимлериниң ветеринариялық-санитариялық талапларға муўапықлығын тәмийинлеў, тутыныўшылардың саламатлығын қорғаў ҳәм әмелге асырылып атырған қадағалаў жумыслары бойынша кең жәмийетшиликти ҳәр тәреплеме хабардар етиўден ибарат.

Ашық сәўбетлесиў даўамында, ИИМниң Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети  Жәмийетлик тәртипти саклаў басқармасының Карантин илажларын тәмийинлеў топары командири Д.Бекмуратов, Қарақалпақстан Республикасы ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги лабораториялық орайы  шыпакери А.Айдарова,  Нөкис қаласындағы Орайлық дийқан базарының 1-санлы ветеринариялық-санитариялық экспертиза меңгериўшиси Н.Дәрьябаевлар әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы мағлыўмат берди.

Атап айтқанда, дийқан базарларында өткерилип атырған қадағалаў ҳәм мониторинг жумысларының нәтийжелери, ветеринариялық-санитариялық экспертиза процесслери, анықланып атырған қағыйдабузарлықлар ҳәм оларды сапластырыў илажлары, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көрилип атырған системалы илажлар, исбилерменлер ҳәм тутыныўшылар ушын жаратылып атырған қолайлықлар атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, республикамызда бүгинги күнгде 20 дийқан базары жумыс ислеп турыпты ҳәм олардың ҳәр биринде ветеринариялық-санитариялық эспертиза лабораторияларының жумысы жолға қойылған. Ҳайўанлардың кеселликлери диагностикасы, азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги, шарўа малларының гөши ҳәм гөш өнимлери, қус, балық, мәйек, пал, өсимлик (палыз) өнимлери турақлы түрде эспертизадан өткерилип, анықланған кемшиликлер өз ўақтында сапластырылып барылмақта.

Атап айтқанда, мал гөшинен жарамсызлығы бойынша 17 жағдай анықланып, 78 кг. гөш зыянсызландырыў жолы менен жоқ етилди. Буннан басқа, қой, ешки, шошқа, ат, түйе, таўық гөшлерин тексериўлер даўамында, балық өнимлерин тексергенде анықланған жарамсыз өнимлер де зыянсызландырыў жолы менен жоқ етилди. Тийисли уйымларға усыныслар берилип, ветеринариялық-санитариялық талапларды бузған шахсларға тийисли шара көрилмекте.

Илажда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги