Жаслардың идеяларын әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди

Мәмлекетимизде Президентимиздиң басламасы менен ҳәр ҳәптениң пийшемби күни “Жаслар күни” етип белгиленди. Бул күнде тараўға жуўапкер басшылар мәҳәлле, мектеп ҳәм техникумларға шығып, жаслардың мүрәжат ҳәм машқалаларын тыңлап, шешим табыўы керек болады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Төрткүл районы жаслары менен ушырасыў өткерип, олардың усыныс ҳәм басламаларын тыңлады.
Ашық сөйлесиў түринде шөлкемлестирилген илажда жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, билимлендириў ҳәм исбилерменлик жумысын раўажландырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Ушырасыў даўамында жасларға сай саўда-сервис жойбарларын әмелге асырыў, олардың билим алыўы, спорт пенен шуғылланыўы, кәсип ҳәм тил үйрениўи, исбилерменлик пенен шуғылланыўы ҳәм басқа да тараўлар бойынша бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып берилип атырған имканиятлар ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўда жаслар Министрлер Кеңесиниң Баслығына өзлериниң усыныс ҳәм басламаларын билдирип, жаслардың идея ҳәм жойбарларын әмелге асырыў бойынша тийисли шөлкемлерге анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги