Жана дәўир жоқары дипломатиясы

Ҳәр бир мәмлекет сыртқы сиясатын әмелге асырыўда дипломатиялық байланысларды беккемлеў, халықаралық қатнасықларды раўажландырыў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўге айрықша әҳмийет қаратады. Жоқары дәрежедеги рәсмий сапарлар тек ғана исенимди беккемлеп қоймастан, ал шерикликтиң жаңа бағдарларын да белгилеп береди. ӨзА бул рубрика арқалы жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, көтерилген мәселелер ҳәм қол қойылған ҳүжжетлер бойынша ҳәпте даўамындағы мағлыўматларды усынады.

Пакистан Бас министри Доҳада Қатар Әмири менен ушырасты
Бас министр Муҳаммад Шаҳбоз Шариф Дохаға сапары ўақтында Қатар Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний менен ушырасты ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге садықлығын тастыйықлады. Сөйлесиў даўамында сиясий ҳәм экономикалық байланысларды кеңейтиў мәселеси додаланды. Тәреплер стратегиялық шерикликти раўажландырыўға таяр екенин билдирди.

Израиль – Ҳиндстан: тарийхый сапар алдында
Бүгин азанда Израиль Министрлер Кабинетиниң мәжилисинде Ҳиндстан Бас министри Нарендра Модидиң күтилип атырған тарийхый сапары ҳаққында сөз болды. Сапар шеңберинде инновация, қәўипсизлик ҳәм улыўма стратегиялық бағдарлар бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, жасалма интеллекттуаллық ҳәм регионаллық бирге ислесиў тараўларындағы байланысларды жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери додаланады.
Вьетнам – АҚШ: Тынышлық кеңеси шеңбериндеги жоқары дәрежедеги сөйлесиў
Вьетнам ҳүкимран партиясының бас хаткери То Лам Вашингтонда АҚШ Президенти Дональд Трамп пенен сөйлесиў өткерди. Ушырасыўда стратегиялық шерикликти беккемлеў, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў және Газаны тиклеў ҳәм гуманитарлық жәрдемди муўапықластырыў мәселелери додаланды. Бул сөйлесиў Газа тынышлығы бойынша жаңа халықаралық басламаның әҳмийетли басқышы болып есапланады.

БАӘ – Бельгия: сиясий мәсләҳәтлесиў
Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Бельгия Сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий мәсләҳәтлесиў болып өтти.
Сөйлесиў даўамында тийкарғы итибар “жасыл энергетика”, әсиресе қайта тикленетуғын энергия ҳәм водород тараўында бирге ислесиўди күшейтиўге қаратылды. Бул ушырасыў еки мәмлекет сиясий, экономикалық қатнасықларын жаңа бағдарларда раўажландырыўға хызмет етеди.

Ҳиндстан – Бразилия: авиация ҳәм транспорт бирге ислесиўи
Ҳиндстан ҳәм Бразилия узақ аралыққа ҳаўа қатнаўы ушын “Travel Corridor” (сапар жолы) ашыўға келисти. Бул еки мәмлекет арасында транспорт, туризм ҳәм саўда байланысларын кеңейтиў жолында әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Фардона ЯХШИБОЕВА,
ӨзАның хабаршысы