Азиз Абдуҳакимов “Euronews” басшысына “Тәбият қорғаўшысы” көкирек белгисин тапсырды

Өзбекстан Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов “Euronews” басшысы Педро Варгас Давидқа экология тараўына байланыслы басламаларды сәўлелендириў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан үлеси ушын “Тәбият қорғаўшысы” көкирек белгисин тапсырды. Ушырасыў шеңберинде “Euronews” басшысы комитеттиң жумысы менен жақыннан танысты. Бул ҳаққында мәкемениң баспасөз хызмети хабар берген.
Тәреплер мәлимлеме бирге ислесиўин кеңейтиў, мәмлекетимиздиң экологиялық күн тәртибин халықаралық майданда үгит-нәсиятлаў, қоршаған орталықты қорғаў, климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги медиа-жойбарларды әмелге асырыў перспективасын додалады. Сондай-ақ, глобаллық климат күн тәртиби шеңберинде республикамыздың басламаларына халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын тартыў, экологиялық мәдениятты арттырыў ҳәм “жасыл” раўажланыў идеясын ғалаба ен жайдырыў темаларына айрықша итибар қаратылды. Сапар шеңберинде мийманлар ушын комитет системасы бойынша таныстырыў экскурсиясы шөлкемлестирилди.
Ф. Яхшибоева, ӨзА