Өзбекстан ҳәм Уллы Британия бирге ислесиўи кеңеймекте

5

Бүгин Лондонда Өзбекстан делегациясы Уллы Британия инвестициялар бойынша мәмлекет министри лорд Жейсон Стоквуд пенен ушырасты. Тәреплер санаат, энергетика, инфраструктура, аўыл хожалығы, әҳмийетли пайдалы қазылмалар, денсаўлықты сақлаў ҳәм санлы технологиялар тараўларындағы бирге ислесиў имканиятын таллады.

Денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында Түсинисиў меморандумына қол қойылды. Бул ҳүжжет Өзбекстанда фармацевтика ислеп шығарыў қуўатлылығын арттырыўға тийкар жаратады. Бундай басламалар еки мәмлекет арасында турақлы экономикалық өсиў ҳәм жуўапкершиликли шерикликти беккемлеўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, “Standard Chartered” банкиниң бас директоры Саиф Малик пенен ири санаат жойбарларын қаржыландырыў, “жасыл” энергетика басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм экономиканың реал секторы менен байланысларды беккемлеўди додалаўға айрықша итибар қаратылды. Қайта тикленетуғын энергетика, инфраструктура ҳәм турақлы қаржыландырыў темалары да көрип шығылды.

Буннан тысқары, “Benoy” компаниясының бас директоры Том Картлейж менен заманагөй қала қурылысы жойбарлары, Жаңа Ташкент қурылысы, аймақларды режелестириў және транспорт ҳәм туризм инфраструктурасын жетилистириў бойынша сөйлесиў алып барылды. Өз-ара биргеликтеги басламалар бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғыны бир аўыздан мақулланды.

Ф. Яхшибоева, ӨзА