Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери көрип шығылды

7

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.

Өткерилген мәжилисте республикалық мәкеме-шөлкемлердиң басшылары, район жуўапкерлери, мәҳәлле белсендилери қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселелер шеңберинде усы жылы районда әмелге асырылыўы белгиленген илажлар, режелестирилген қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў, кәмбағаллықты ҳәм жумыссызлықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жасларға, социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларға, исбилерменлерге жақыннан жәрдем бериў бағдарындағы режелер кеңнен додаланды.

Онда, сондай-ақ, Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қоры, Социаллық қорғаў миллий агентлиги жәрдем қаржылары ҳәм жаслар ушын берилген жеңилликлерден нәтийжели пайдаланып, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў илажларын көриў, мәҳәллелерде микро ҳәм киши жойбарларды әмелге асырыўда жақыннан жәрдем бериў сыяқлы әҳмийетли мәселелер ҳаққында сөз барды.

Мәжилис жуўмағында алдағы режелер белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди ҳәм ўазыйпалар бөлистирилди.

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги