Балалар стоматологиясы: профилактика ҳәм сапалы емлеў тийкарғы ўазыйпа

14

Бүгинги күни елимизде өсип киятырған жас әўладтың ҳәр тәреплеме саламат ҳәм билимли инсанлар болып жетилисиўине  айрықша итибар қаратылмақта.

Әсиресе, балалар саламатлығын қорғаў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарының бири десек асыра айтқан болмаймыз.

Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Республика Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўи менен Республикалық балалар стоматология поликлиникасында пресс-тур өткерилди.

Оған республикамызда өз дөретиўшилигин алып барып атырған ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда поликлиниканың бөлим баслығы Гүлзабийра Аннақулова соңғы жыллары поликлиника турмысында жүз берип атырған жаңалықлар, исленген жумыслар ҳәм алдағы ислениўи тийис ўазыйпалар ҳаққында  кең түрде айтып берди.

– Поликлиникамыз Нөкис қаласы ҳәм республикамыздың барлық аймақларынан келген балаларга стоматологиялық хызмет көрсетеди, – дейди Г.Аннақулова. – Поликлиника еки қабатлы қолайластырылған имаратта жайласқан болып, биринши қабатында ҳәкимшилик-хожалық кабинетлери  менен бирге хожалық есабындағы бөлим жайласқан.

Екинши қабатта емлеў бөлими, хирургия кабинети, ПЦС кабинети, физиотерапия кабинети жайласқан.

Жумыс ўақты азанғы саат 8:00 ден кешки саат 18:00 ге дейин белгиленген. Поликлиника бир күнде 250 баланы қабыллаў мүмкиншилигине ийе. Стоматологиялық жәрдем барлық балаларға бийпул көрсетиледи.  Соның менен бирге, поликлиникада Қарақалпақстан медицина институты  стоматология иси факультети оқыў базасы болып, студентлерге әмелий ҳәм теориялық сабақлары өтиледи. Сондай-ақ, 2-санлы Абу Али Ибн Сина атындағы жәмийетлик саламатлық техникумының тис техниги кәнигеликлери ушын да әмелий оқыў сабақларын өтиў базасы болып есапланады.

Поликлиника толығы менен модернизацияланып, ҳәзирги заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген. Быйылғы жылдан баслап елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, поликликамызда DMED системасында жумыс жүргизиў жолға қойылды ҳәм ҳәмме кабинетлердеги шыпакерлер компьютер менен тәмийинленди. Сонлықтан 52 поликлиника  хызметкерлери IТ бойынша оқып сертификатларын алды.

Поликлиникамызда  балаларға тислерди емлеў ҳәм алыў, аўыздағы силекей қабаты кеселлигин, жүз-жақтың тис қатарларының аномалиясын емлеў, шөлкемлестирилген мектеп балаларына стоматологиялык кеселликлердиң алдын алыў жумысларын алып барыў ҳәм емлеў түринде стоматологиялық жәрдем көрсетеди.

Илаж даўамында журналистлер поликлиника турмысы менен жақыннан танысып, бүгинги күни кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелерге жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы