Арзанластырылған ярмаркаларда баҳалардың турақлылығы тәмийинленбекте

2026-жылдың 17-февралынан 23-мартына шекемги дәўирде республикамыздағы барлық арзанластырылған азық-аўқат ярмаркаларында баҳалардың турақлылығы бойынша жәмийетлик мониторинг алып барылмақта.
Президентимиздиң “Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик айы даўамында халықтың турақлы ҳәм арзан баҳадағы өнимлер менен тәмийинлениўин қорғаў мақсетинде Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы тәрепинен ишки базарда азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде жаңа буйрық қабыл етилген еди.
Усы буйрық тийкарында Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы қалалық ҳәм районлық жәмийетлери арзанластырылған азық-аўқат ярмаркаларын үйренип, тийисли тәртипте жоқары турыўшы шөлкемлерге мағлыўматларды усынып бармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги