“Бәрекелла ҳаяллар” таңлаўының округ басқышы өткерилди

Арқа-батыс әскерий округинде әскерий хызметкерлердиң шаңарақларын қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлардың социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм миллий қәдириятларды үгит-нәсиятлаў мақсетинде “Мен үлгили әскерий шаңарақ бийкесимен” сүрени астында “Бәрекелла ҳаяллар” таңлаўының округлик басқышы өткерилди.
Әскерий шаңарақларда саламат руўхый орталықты беккемлеў, шаңарақ институтын қәдирлеў, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын және де арттырыўға қаратылған бул таңлаўда округке қараслы әскерий бөлимлерде хызмет етип атырған әскерий хызметкерлердиң өмирлик жолдаслары белсене қатнасты.
Таңлаў даўамында қатнасыўшылар тәрепинен миллий липаслардың жарқынлығы, әййемги дәстүрлеримизге тән үрп-әдетлер, өзбек миймандослық көркем өнери кеңнен көрсетилди. Сондай-ақ, таярланған қол мийнети тийкарында жаратылған кестешилик ҳәм өнерментшилик үлгилери төрешилер қурамы тәрепинен жоқары баҳаланды.
Көрсетилген сахналық көринислер ҳәм дөретиўшилик шығыўлар арқалы әскерий шаңарақ бийкелериниң қәбилети ҳәм интакерлиги және бир мәрте өз тастыйығын тапты. Әсиресе, перзент тәрбиясы, шаңарақлық қәдириятлар ҳәм ўатансүйиўшилик темасындағы шығыўлар тамашагөйлерде үлкен тәсир қалдырды.

Таңлаў жуўмағында төрешилер қурамы тәрепинен ең мүнәсип қатнасыўшылар анықланып, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Жеңимпаз болған шаңарақ бийкеси таңлаўдың министрлик басқышында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги