Беруний районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелери көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Беруний районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде белгиленген ўазыйпалар, әмелге асырылыўы тийис илажлардың ҳәм алдынғы мәжилисте берилген тапсырмалардың орынланыўына арналған мәжилис өткерилди.
Мәжилисте дәслеп, халықтың қосымша дәрамат алыўына жәрдемлесиў, абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаратып берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде сөз етилди. Сондай-ақ, жумыссыз пуқаралар, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында берилген жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Буннан соң алдынғы мәжилис дәўиринде белгилеп берилген тапсырмалардың бүгинги күндеги орынланыўы, мәҳәллелерди абат етиў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жойбарлардың әмелге асырылыўы, жаңа кәрханалардың жумысларын шөлкемлестириў, қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен ен жайдырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў бағдарындағы ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери сын көзқарастан көрип шығылды.
Соның менен бирге, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына жәрдемлесиў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, кәрханалардың жумысларына жақыннан жәрдем бериў ҳәм басқа да тапсырмалардың орынланыўы мәселелери де додаланды.


Мәжилисте өз ўазыйпасын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлер лаўазымынан азат етилди. Бир топар басшы ҳәм жуўапкерлерге интизамый жаза шараларын қолланыў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги