Жоқарғы Кеңес Баслығы бир топар белсенди жаслар менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласында өзиниң басламалары ҳәм стартап жойбарлары менен белсендилик көрсетип атырған бир топар жаслар менен ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда дәслеп республикамыз басшысы мәмлекетимиз Президентиниң айрықша итибары менен жасларға жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди. Соның менен бирге, усындай мүмкиншиликлерден орынлы пайдаланып, жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслардың саны артып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен тилге алынды.
Буннан соң, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлигин жолға қойыў, өз идеяларын жүзеге шығарыўы ушын елимиз басшысы тәрепинен жаратып берилген имканиятлар ҳәм айрықша жеңилликлер ҳаққында жуўапкерлер тәрепинен мағлыўмат берилди.
Өз нәўбетинде, жаслар Президентимиздиң бундай жоқары исеними ҳәм жасларға көрсетип атырған аталарша ғамхорлығы ушын өзлериниң терең миннетдаршылығын билдирди.

Сондай-ақ, жақыннан пикирлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўда жаслар тәрепинен бир қатар әҳмийетли басламалар көтерилди. Ҳәр бир билдирилген усыныс белгилеп алынып, бул идеяларды турмысқа енгизиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги