Жадидлер-тарийх емес, сабақ

11

“Улыўма, биз жадидшилик ҳәрекетин, ағартыўшы ата-бабаларымыздың мийрасын терең үйрениўимиз керек. Бул мәнаўий ғәзийнени қанша көп үйренсек, бүгинги күнде де бизди тәшўишке салып атырған жүдә көп сораўларға дурыс жуўап табамыз. Бул бийбаҳа байлықты қаншелли жедел үгит-нәсиятласақ, халқымыз, әсиресе, жасларымыз бүгинги тыныш ҳәм еркин турмыстың қәдирин аңлап жетеди.”

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, жадидлердиң жумысын халыққа жедел үгит-нәсиятлаўда медианың орны оғада әҳмийетли. Жадидлер хызмети, жадидшилик ҳәрекети ҳаққында әдебият сабақлықларының бирде-бир бетинде айтып өтилмеген. Бизлер олар ҳаққында тек тарийх китапларынан мағлыўмат алыўымыз мүмкин еди. Бирақ Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен кейин журналистлер жадидлер жумысының өзине тән өзгешеликлерин сәўлелендириў менен бирге,  XX әсир жадид баспасөзи ҳаққында мағлыўматлар бериўге жадидлер идеяларын изертлеўге, олардың шахсы, шеберлик мәселелерин сәўлелендириўге, публицистикасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратты.

Жадидлер искерлигин ҳәм дөретиўшилик шеберлигин үйрениў жас журналист ҳәм дөретиўшилер ушын өзине тән мектеп ўазыйпасын атқарыўы менен бир қатарда, ол таярлаған материал арқалы оқыўшы да мағлыўматқа ие болады. Усы мәнисте жадидлердиң публицистикалық дөретиўшилигин үйрениўге зәрүрлик бар. Миллий баспасөз пайда болғаннан берли жадидлер халықтың санасын арттырыўға, ҳақыйқый сиясий жағдайды түсиндириўге жан-тәни менен ҳәрекет етип, түрли газета ҳәм журналларда шығып сөйлеген.

Миллетимиз айдынлары болған жадид бабаларымызды қаншелли терең үйренсек, соншелли аз. Бирақ бүгин бул бағдарда исленип атырған жумыслар қаншелли жетерли ҳәм қалыс? Бүгинги күн журналистлери Жадидлердиң жумысын медиада сәўлелендириўде қай дәрежеде белсенди? Дәслеп жадид сөзине тоқтап өтсек. Соңғы басып шығарылған өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги бойынша Жадид-арабша сөзден алынған болып, “жаңа”; “баяғы,” “соңғы” аўдармасы. жаңалық тәрепдары, жадидшилик ҳәрекетиниң қатнасыўшысы деген мәнилерди билдиреди.

Аудитория жадидлер искерлиги, дөретиўшилиги ҳаққында журналистлер тәрепинен таярланған ямаса тарийхшы, әдебияттаныўшының медиада берилген мақалалары арқалы кең түсиник ҳәм мағлыўматларға ийе болмақта. Әлбетте, тарийхшы жазған мақала менен әдебияттаныўшы жазған мақаланың парқы жоқ деп айта алмаймыз. Бул жерде журналистлер де жадидлерди үйрениў арқалы олардикиндей “жеңил сиңетуғын” сөзлерди қолланыў көнликпесин арттырыўы мақсетке муўапық. Жадидлердиң публицистикалық шығармаларының тили халықша, сада тәризде жазылған. Онда таяр шаблон сөзлерден пайдаланбаған. Мүмкин соның ушын да адамлар газета, журналларды көплеп қызығып оқыған ҳәм түсинискен. Бүгинги күнде де журналистлер медиада жадидлер ҳаққында жазылған мақалаларды жадидлик усылда жазып халыққа саўға етсе, әдеўир жақсы болады.

Сурайё Эркинова, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистранты

Қорақалпоғистон ахборот агентлиги