Бәҳәр, гөззаллық, опадарлық жыршысы

1-март – Зульфияханымның туўылған күни
Бәҳәрдиң дәслепки күнлеринде, тәбият оянып, барлық әлемге жасыллық енген мәўритте өзбек халқы өзиниң сүйикли шайыры – Зульфияханымды еске алады. Ол тек ғана дөретиўши емес, ал өзбек ҳаялының гөззаллығы, садықлығы ҳәм мәртлигин өзинде жәмлеген жоқары мәнаўият тымсалы болып есапланады.
Зулфияханым 1915-жылдың 1-мартында, әйне бәҳәр елшилери келген күни дүньяға келген. Шайырдың пүткил дөретиўшилиги де тап усы мәўсим сыяқлы таза ҳәм үмит бағышлаўшы. Оның қатарларында тек ғана тәбияттың гөззаллығы емес, ал инсан қәлбиниң ең нәзик тербелислери сәўлеленген. Оның поэзиясы – таңғы шықтай мөлдир, таў жылғаларындай сыңғырлы.
Зульфия дегенде көз алдымызда ең дәслеп садықлық сәўлеленеди. Оның белгили жазыўшы Ҳамид Әлимжан менен өткен қысқа, бирақ мазмунлы өмири ҳақыйқый муҳаббат дәстаны болып табылады. Тәғдирдиң биймезгил ҳүкими менен Ҳамид Әлимжан дүньядан өткеннен соң, Зулфияханым өз өмирин оған болған шексиз ҳүрмет ҳәм дөретиўшиликке бағышлады.
“Ҳижраның қәлбимде, сазың қолымда,
Өмирди жырлайман, шегинер гейне,
Түнлер түсимдесең, күндиз ядымда,
Мен тири екенмен, тирисең сен де! “
Бул қатарлар әпиўайы қосық емес, ал сүйикли ярына берилген өмирлик ўәде еди. Бул жесир ҳаялдың емес, ал мақтанышлы ҳәм опадар тулғаның ҳаўазы болып жаңлады.
Зулфияханымның дөретиўшилиги өзбек ҳаялының ишки дүньясын ашты. Ол ҳаял қәлбиндеги нәзик сезимлерди, аналық меҳирди ҳәм Ўатанға болған шексиз муҳаббатты жырлады. Оның қосықларында ҳаял-қыз – әззи емес, ал турмыстың аўыр сынақларын мәртлик пенен жеңип өте алатуғын, шаңарақ ҳәм жәмийеттиң таянышы болған уллы шахс сыпатында сәўлеленеди.
Оның “Мушайра”, “Ышқыңда”, “Улым, сирә болмайды урыс” сыяқлы шығармалары жәҳән әдебияты дүрданалары қатарынан орын алды. Ол халықаралық минберлерден турып, тынышлық ҳәм дослықты, адамгершиликти жырлады.
Ол тек ғана шайыр емес, ал дөретиўшилик мектебине тийкар салған уллы устаз. Оның дөретиўшилик лабороториясы ҳәм қәлб дәргайы жүзлеген жас талант ийелери ушын илҳам ҳәм билим дереги болып хызмет етти. Отыз жылдан аслам ўақыт даўамында “Саодат” журналына басшылық етти. Бул жыллар даўамында журнал ҳақыйқый әдебий лабораторияға айланды. Ол ҳәр бир қолжазбаны дыққат пенен оқыйды, жас қызлардың қосықларындағы кишкене ушқынды да серлеп, оны жалынлатыўға ҳәрекет етеди. Оның қолында Ҳалима Худайбердиева, Айдин Ҳожиева сыяқлы өзбек поэзиясының көрнекли ўәкиллери жетилисти.
Устаз сыпатында ол шайыр қызларға тек ғана өлшем ҳәм уйқасты емес, ал сөзге болған муқаддес жуўапкершиликти үйретти. “Қосық тек ғана сөзлердиң жыйнағы емес, ол жүректиң толқыўы болыўы керек” деген уран оның тийкарғы үгит-нәсияты еди. Бүгинги күнде оның устазлық дәстүрлери мәмлекет көлеминде даўам етпекте. Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланып атырған ҳәр бир қыз өзин шайырдың руўхый перзенти ҳәм шәкирти деп биледи. Бул – дүнья әдебиятында сийрек ушырасатуғын ҳәдийсе: бир дөретиўшиниң аты пүткил талантлы әўладты бирлестиретуғын байраққа айланды. Оның мийрасы тек ғана китапларда емес, ал бүгинги күнде қәлем тербетип, елимиздиң даңқын дүньяға танытып атырған мыңлаған “Зульфияханым избасарлары”ның жетискенликлеринде жасамақта.
Өзбек ҳаял-қызының қәлб жыршысы, пәклик ҳәм мәртлик тымсалы болған шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги әсирлер даўамында миллионлаған ҳаял-қызлар ушын руўхый сүйениш болып хызмет ете береди.
М.Игиликова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги