Шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги еске алынды

14

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде  өзбек әдебиятының белгили ғайраткери, халық шайыры Зульфия Исроилованың 111 жыллығына бағышланған «Қызың гөззал болсын, шайыра болсын» атлы руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет – жасларға шайырдың өмирин ҳәм дөретиўшилик мийрасын және де жақыннан таныстырыў, олардың қәлбинде әдебиятқа болған меҳир ҳәм миллий қәдириятларға ҳүрмет сезимин қәлиплестириўден ибарат.

Илажда жоқары оқыў орынларының студентлери қатнасып, бағдарлама шеңберинде шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында баянатлар, қосықларынан үлгилер, сондай-ақ, студентлер тәрепинен көркем шығыўлар шөлкемлестирилди.

Илаж соңында студентлер музей экспанатлары менен танысып, пикир алысты.

Айзада Смайлова,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги