Қанлыкөлде де басшы ҳәм жаслар ушырасыўы өткерилди

Бүгин Қанлыкөл районы ҳәкими Б.Султанов, прокурор М.Тилеўмуратов, ИИБ баслығы У.Хусайновлар районның белсенди жаслары менен ушырасты.
Ушырасыўда Президентимиз тәрепинен жаслар менен сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпалар кеңнен додаланды.
Жаслар менен сөйлесиўде өткен жылы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын банклер ҳәм Жаслар ислери агентлигине 400 миллион доллар қаратылғаны, “Жаслар бизнеси” ҳәм “Келешекке қәдем” бағдарламалары есабынан 15 мың жас өз исбилерменлигин жолға қойып, 50 мың адамды жумыс пенен тәмийинлегени атап өтилди.
Бул жумыслардың даўамы сыпатында жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын қосымша 200 миллион доллар ажыратылатуғыны жәрияланды.
Онда қаржыландырыў имканиятлары кеңейтиледи: өзин-өзи бәнт еткен жаслар ушын кредит муғдары 100 миллион сумнан 300 миллион сумға шекем арттырылады. Жас исбилерменлердиң жойбарлары ушын 10 миллиард сумға шекем кредит ажыратыў мүмкин болады. Инновациялық стартап жойбарларына 100 мың долларға шекем инвестиция киргизиўге руқсат бериледи. Хызмет көрсетиў ҳәм улыўма аўқатланыў тараўында 1 мыңнан аслам жумыс орнын жаратқан жергиликли брендлерден франшиза алып, филиал ашыўға қызыққан жаслар ушын қолайлы қаржыландырыў пакетлери енгизиледи.




Ушырасыўда жасларды исбилерменликке тартыў, оларды қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, билимлендириў ҳәм инновациялық идеяларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, жаслар тәрепинен билдирилген машқалаларды орнында шешиў бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги