Халық пенен ашық сөйлесиў – машқалаларды шешиўге қарай әҳмийетли қәдем

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ахмед Реймов халық пенен тиккелей сөйлесиўди жолға қойыў, пуқараларды қыйнап киятырған мәселелерди орнында үйрениў ҳәм олардың усыныслары менен басламаларын тыңлаў мақсетинде, өзи сайланған округте жайласқан Нөкис қаласындағы Гүзар мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўға аймақ турғынлары, мәҳәлле белсендилери ҳәм нуранийлер қатнасты.
Онда депутат Ахмед Реймов елимизде, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, соның ишинде, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, жол ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, мәмлекетимиз тәрепинен қабыл етилген нызамлар ҳәм аймақ халқының мәпи ушын енгизилген реформалардың әҳмийетине айрықша итибар қаратты.
Буннан соң, ол пуқаралар менен сәўбетлесип, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалар, аймақ инфраструктурасын раўажландырыў, бәнтликти тәмийинлеў, социаллық қорғаў, коммуналлық хызметлердиң сапасы, жол ҳәм абаданластырыў мәселелери бойынша мүрәжатларын тыңлады.
Депутат өз сөзинде пуқаралардың мүрәжатлары халық ўәкилликли уйымлары жумысының тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтип, ҳәр бир мүрәжат нызамшылық шеңберинде үйренилип, тийисли шөлкемлер менен биргеликте әмелий илажлар көрилетуғынын билдирди. Сондай-ақ, машқалаларды шешиўде системалы қатнас жасаў әҳмийетли екенлиги, айырым мәселелер қысқа мүддетте, айырымлары болса басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы зәрүр екенлигине тоқталды.




Илаж соңында депутат Рамазан айы мүнәсибети менен аймақта жасаўшы айырым жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлерин қайырқомлық саўғасы сыпатында тапсырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы