Жаслардың машқалалары басшы итибарында

Көксарай резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен сөйлесиўи болып өтип, оған Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы студиялар арқалы 60 мыңнан аслам жаслардың ўәкиллери қатнасты.
Сөйлесиўде мәмлекетимизде 22 миллионнан аслам жас үлкен экономикалық, социаллық ҳәм сиясий күш екени айрықша атап өтилди. Мәжилисте басшылар алдына жасларды кәсип-өнерге үйретиў, стартап ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў, оларды жумыслы ҳәм дәраматлы етиў бойынша анық ўазыйпалар қойылды.
Усы селектор мәжилисинен келип шығып, бүгин Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибеков, район прокуроры М.Оразбаев ҳәм районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы Ж.Юсуповлар Тик өзек мәҳәллеси жаслары менен ушырасыў өткерди.
Онда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў, кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин үйрениўи ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.
Усы жылдан “Келешек исбилерменлери” бағдарламасы иске қосылып, жас исбилерменлерге 7 жыл мүддетке шекем 15 процентлик кредит ажыратыў жолға қойылады. Атап айтқанда, өзин-өзи бәнт еткен жасларға гиреўсиз 20 миллион сумға шекем, исбилерменлик көнликпесине ийе болып бизнес баслап атырғанларға 300 миллион сумға шекем, жумысын кеңейтпекши болғанларға 2 миллиард сумға шекем, кеминде 5 питкериўшини жумысқа алған исбилерменлерге болса 10 миллиард сумға шекем кредит берилетуғыны белгиленди.
Ҳәр бир аймақта исбилерменликке оқытыў, идеяны бизнеске айландырыў, бухгалтерия, банк, маркетинг, ишки ҳәм сыртқы базарларға шығыў бойынша комплексли хызмет көрсететуғын “Жаслар бизнес инкубаторы” шөлкемлестириледи.
Усы жылдыӊ 1-мартынан жаңадан жумыс баслап атырған жас исбилерменлерге инфраструктураға жалғаныўға байланыслы мәмлекетлик хызметлердиң қәрежетлери Жаслар исбилерменлиги қоры есабынан қаплап бериледи.

Ушырасыў даўамында жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, оларды қыйнап киятырған мәселелер бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди. Ҳәр бир жигит-қызды қоллап-қуўатлаў, олардың идея ҳәм жойбарларын әмелге асырыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында бирге ислесиўди күшейтиў бойынша келисип алынды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги