Илим ҳәм инновация жолындағы жаңа жетискенликлер

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында республикамызда жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын баспасөз конференциясы болып өтти.
Онда филиалдың илимий ҳәм инновациялық мәселелер бойынша проректоры, педагогика илимлериниң докторы, профессор Ислам Мамбетназаров соңғы жыллары усы оқыў дәргайында илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жойбарлар бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде айтып берди.
- Бүгинги күни филиалымызда 88 профессор-оқытыўшылар студентлерге тәлим-тәрбия бермекте, – деди ол өз сөзинде. – Солардың ишинде, илимий дәреже ҳәм атақларға ийе профессор-оқытыўшылар саны 39 ҳәм илимий потенциал 44,3% ти қурайды. Быйылғы жылы 10 еркин излениўши докторлық диссертацияларын қорғады. Соннан үшеўи илим докторы (DSc), жетеўи философия докторы (PhD) дипломларын алыўға еристи.
Сондай-ақ, филиалда 2025-жылдың 25-апрель күни “Спорт түрлери теориясы ҳәм әмелияты: машқалалар ҳәм шешимлер”, 13-14-ноябрь күнлери «Жазғы Олимпиада ҳәм паралимпиада ойынларына спортшыларды таярлаўдың әҳмийетли машқалалары ҳәм шешимлери» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция шөлкемлескенлик пенен жоқары илимий дәрежеде өткерилди. Соның менен бирге, илимге қызығыўшы студентлерди илимий мақала жазыў ҳәм изертлеўге үйретиў мақсетинде, «Спортта инновация» дөгереги шөлкемлестирилип, оған 157 студент тартылды ҳәм оларға илимий басшы сыпатында профессор-оқытыўшылар бириктирилди. Усы студентлерден бир топары 2025-жылдың 10-сентябрь күни Нөкис мәмлекетлик техника университетинде өткерилген “InnoWeek-2025” илимий жумыслар ҳәм инновациялық өнимлер көргизбесине өзлериниң жойбарлары ҳәм прототиплери менен қатнасты.
Бөлим тәрепинен студентлер арасында «Денетәрбиясы ҳәм олимпия ҳәрекети тарийхы» пәнинен пәнлер олимпиадасы өткерилип, оған 200ден аслам жаслар қатнасты ҳәм ең жоқары нәтийже көрсеткен 3 студент арнаўлы сертификат, қаржылай сыйлықлар менен сыйлықланды.
Усылар менен бир қатарда филиалды студентлер арасында «Ең жақсы илимий мақалалар», «Ең жақсы жас илимпаз» ҳәм «Ең жақсы илимий, әмелий ҳәм старттап жойбарлар» таңлаўлары өткерилип, таңлаў жеңимпазлары бөлим тәрепинен мүнәсип хошаметленди.
Ал, филиалдың велоспорт бағдарының 4-курс студенти Д. Акманованың Президент стипендиясы, көркем гимнастика бағдарының 4-курс студенти Н. Баҳаўатдинованың И.Юсупов атындағы, қол тобы бағдары 4-курс студенти А.Дәрьябаеваның И.Кәримов атындағы, көркем гимнастика бағдарының 3-курс студентлери М.Хожамбергенова ҳәм А.Парахатовалардың Т.Қайыпбергенов ҳәм Паҳлован Маҳмуд атындағы мәмлекетлик стипендиялар менен жеңимпаз болыўы филиалда алып барылып атырған жумыслардың айқын нәтийжеси болып табылады.
Соның менен бирге, филиалымыз сырт еллерде жайласқан Россия, Қытай, Түркия, Қазақстан, Қубла Корея, Беларусь, Қырғыз Республикалары университетлери менен бирге ислесип келмектемиз.
Өткерилген илаж даўамында журналистлер тәрепинен филиал басшыларына бул бағдарда кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы