Питкериўши студентлердиң бәнтлиги бойынша ушырасыў өткерилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-февральдағы «Жоқары билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жумысқа орналасыўына жәрдемлесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын, сондай-ақ, “Келешекке қәдем” бағдарламасы шеңберинде питкериўши курс студентлериниң бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти.
Илажға Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентинде жаслар исбилерменлиги, бәсекини раўажландырыў ҳәм санаат мәселелери комитетиниң баслығы, «RBG COMPANY” ЖШЖ баслығы Б.Раджабов ҳәм “Келешекке қәдем” орайының жойбар менеджери А.Балтабаевлар қатнасты.
Ушырасыў даўамында университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дүйсенбаев шығып сөйлеп, мәмлекет басшысының тийисли қарарларының орынланыўы шеңберинде жасларды заманагөй кәсип-өнерлерге бағдарлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм питкериўшилерди мийнет базары талапларына сәйкес, бәсекиге шыдамлы қәниге сыпатында таярлаў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.
Сондай-ақ, студент-жаслар ушын өндирислик кәрханалар ҳәм шөлкемлерде ҳақы төленетуғын әмелиятларды шөлкемлестириў, әмелий көнликпелерди беккемлеў ҳәм оқыў процесинде-ақ кәсиплик маманлығын арттырыў имканиятлары жаратылып атырғаны ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Илаж даўамында мийманлар тәрепинен жаслар исбилерменлигин раўажландырыў, стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў, питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў механизмлерин жетилистириў ҳәм “Келешекке қәдем” бағдарламасы шеңберинде жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги