Өзбекстан абырайлы “VETA Awards” халықаралық сыйлығы менен сыйлықланды

18

Өзбекстан туризм ҳәм мийманхана бизнеси тараўындағы ең ири ҳәм абырайлы сыйлықлардан бири – “VETA Awards халықаралық сыйлығының ийеси болды. Салтанатлы сыйлықлаў мәресими 24-февраль күни Нью-Дели қаласында болып өтти.

“VETA Awards” сыйлығы туризм ҳәм миймандослық санаатына қәнигелескен жетекши “Versatile Media” компаниясының тийкарғы платформасы болып есапланады. 2013-жыл январь айында шөлкемлестирилген бул компания туризм тараўындағы әҳмийетли жаңалықлар ҳәм тийкарғы тенденцияларды сәўлелендиреди.

“VETA Awards” сыйлығы SATTE менен биргеликте өткерилип, туризм тараўындағы дүнья жетекшилери ҳәм тийкарғы миллий қатнасыўшыларды бирден-бир B2B платформасында бирлестириўди мақсет еткен. Бул сыйлық люкс саяхатлар ҳәм миймандослық тараўындағы алдынғы тәжирийбе, инновациялар ҳәм үлкен жетискенликлерди тән алыў ушын хызмет етеди.

Өзбекстанға бул абырайлы сыйлықтың берилиўи мәмлекет туризм тараўының жедел раўажланып атырғаны, дүнья базарындағы орны беккемленип атырғаны ҳәм дүнья туристлик жәмиечилиги тәрепинен қызығыўшылық артып атырғанының әҳмийетли халықаралық тән алыныўы болды.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА