“Turkish Airlines” пенен бирге ислесиў кеңеймекте

21

Туризм комитети баслығының орынбасары Санжар Тожиев “Turkish Airlines” авиакомпаниясының Ташкенттеги ўәкилханасының басшысы Ҳусейн Гузел менен ушырасты.

Сөйлесиўлер даўамында Түркия миллий авиакомпаниясының ўәкиллерине мәмлекетимизде туризм тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, инфраструктураны раўажландырыў, транспорт-логистика имканиятларын кеңейтиў ҳәм туризм хызметлериниң сапасын арттырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Сырт елли мийманлардың саны артып атырғаны, сондай-ақ, авиакомпания елимиздиң туризм тараўындағы потенциалын халықаралық майданда үгит-нәсиятлаўға мүнәсип үлес қосып киятырғаны айрықша атап өтилди.

Өзбекстанның тарийхый-мәдений мийрасы, зыярат, гастрономиялық, экологиялық ҳәм MICE туризм тараўындағы потенциалын Европа, атап айтқанда, Германия, Скандинавия мәмлекетлери, Греция ҳәм АҚШта үгит-нәсиятлаў бойынша биргеликтеги PR -кампаниялар өткериў имканиятлары додаланды.

Ушырасыў жуўмағында туризм тараўын турақлы раўажландырыў, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын беккемлеў ҳәм сырт елли туристлердиң ағымын арттырыўға қаратылған стратегиялық шерикликти буннан былай да кеңейтиў ҳаққында келисимге ерисилди.

Азиза АЛИМОВА, ӨзА