«Турмыс» профилактикалық илажлары алып барылмақта

Жаслардың арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша усы жылдың 18-февралынан 18-март аралығында “Турмыс” профилактикалық илажы өткерилмекте.
Нөкис қаласы “Нәўпир” МПЖда жасаўшы пуқаралар менен ушырасыў кешеси өткерилди. Илажға Әдиллик министрлигиниң Нөкис қалалық бөлими баслығы О.Жуманиязов, Саламатлық институты шыпакери Т.Ганиева, нарколог шыпакер А.Жалилов, Қарақалпақстан Республикасы АИЖС қа қарсы гүресиў орайы шыпакери Б.Джолдасбаев ҳәм баска да тараў хызметкерлери қатнасты. Ушырасыў кешесинде шығып сөйлеўшилер республикамызда жынаятшылық, ҳуқықбузарлық бойынша алып барылып атырған илажларға кең түрде тоқтап, олардың алдын алыў, нәшебентлик иллетине қарсы гүресиў ҳәм АИЖС сыяқлы еми жоқ кеселликтен жасларымызды сақлаў, олардың тәрбиясына итибарлы болыў бойынша өзлериниң пикирлери менен бөлисип, тийисли мағлыўматларды айтып өтти.
Пайтахтымыздағы «Нәўпир» МПЖ да жайласқан 7-санлы шаңарақлық поликлинкасында да «Турмыс» профилактикасы илажы шеңберинде ҳаял-қызлар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў , жас өспиримлер арасында ҳәр түрли кеўилсиз жағдайларды болдырмаў ҳәм нәшебентликке қарсы гүресиў бойынша илаж шөлкемлестирилди.


Илажға поликлиника хызметкерлери қатнасып, оларға тийисли мағлыўматлар берилди. Пикирлер тыңланып, буклетлер тарқатылды.
Илаж республика бойлап даўам етпекте.
Айжамал Наменова,
Нөкис қаласы ишки ислер басқармасы
ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға
инспекторы, подполковник
Қарақалпақстан хабар агентлиги