Стратегиялық әҳмийетке ийе инвестициялық жойбарлардың орынланыўы қалай тәмийинленбекте?

18

Бас прокурордың орынбасары Дилмурод Қосимов елимизде әмелге асырылып атырған стратегиялық әҳмийетке ийе инвестициялық жойбарлардың орынланыўына бағышланған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Онда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген улыўма баҳасы 167,7 миллиард долларлық 377 стратегиялық әҳмийетке ийе жойбардың ҳәзирги жағдайы көрип шығылды.

Оларда жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар бирме-бир додаланды. Келешекте орынланыўы зәрүр болған тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Жойбарлар шеңберинде усы жылдың ақырына шекем жәми 24 миллиард долларлық инвестицияларды өзлестириў, бул бағдарда жойбар интакерлери ҳәм тараў жуўапкерлерине жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатқан ҳалда белгиленген прогноз көрсеткишлериниң сөзсиз тәмийинлениўи зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Мәжилис жуўмағы бойынша жумысларды буннан былай да жеделлестириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди. Мүддетлери анық белгиленген илажлар бағдарламасы ислеп шығылып, орынлаўға қаратылды.

Н.Абдураимова, ЎзА