Насос станцияларындағы алдағы жумыслар додаланды

Беруний насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы жуўапкерлериниң қатнасыўында насос станцияларында реже-көрсетпелердиң орынланыўын додалаўға бағышланған семинар-мәжилис өткерилди.
Атап айтқанда, семинар даўамында Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен белгиленген реже-көрсетпелердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланып, электр энергиясынан белгиленген лимитлер шеңберинде нәтийжели пайдаланыў, насос үскенелерин мәўсимлик оңлаў илажларын өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, сондай-ақ, объектлерге тийисли кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Беруний насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының баслығы Ж.Халмуратов ҳәм басқа да қәнигелер тәрепинен суўғарыў мәўсиминде насос станциясы хызметкерлерине жүкленген тийкарғы ўазыйпалар, электр энергиясынан үнемли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, өндирис тәртибине қатаң әмел етиў бойынша белгиленген тапсырмалар туўралы түсиниклер берилди.
Семинарда ҳәзирги күнлерде әмелге асырылып атырған шор жуўыў илажын шөлкемлескенлик пенен өткериў, мәўсим даўамында насос станцияларының турақлы ҳәм нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў бойынша анық илажлар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги