Хожелиде Саўда-санаат палатасының жумыслары бойынша есабаты тыңланды

30

ӨзЛиДеП Хожели районлық Кеңесиниң депутатлары ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўында саўда-санаат палатасы районлық бөлиминиң есабаты тыңланды.  Мәжилисте районда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2025-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында  мағлыўмат берилди.

Мәлим етилгениндей, бүгинги күнде районда 3236 исбилерменлик субъекти жумыс алып бармақта. Соннан 1 мың 589 и киши бизнес субъектлери, 1 мың 647 си жеке тәртиптеги исбилерменлер болып табылады. Тараўлар кесиминде санаатта 284, аўыл хожалығында 209, қурылыс тараўында 141, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўында 955 субъект жумыс алып бармақта. Әсиресе, саўда ҳәм хызмет көрсетиў бағдарындағы белсендилик халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелемекте.

2025-жыл даўамында 329 жаңа исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилген болып, соннан 117 и киши бизнес, 209 ы жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында дизимнен өткен. Бул болса районда исбилерменлик орталығының турақлы сақланып атырғанын көрсетеди. Жыл даўамында исбилерменлерге 1357 жағдайда хызмет көрсетилген. Соның ишинде, 1134 пуқараға өзин-өзи бәнт етиў ҳәм бизнес баслаў бойынша әмелий жәрдем берилген, 223 жағдайда бизнес-реже ислеп шығыў, аукцион саўдаларында қатнасыў, бухгалтериялық ҳәм статистикалық есабатларды тапсырыў бойынша жәрдем берилген.

Ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў бағдарында да белгили жумыслар әмелге асырылған. 93 ҳаял-қыз “Бизнеске биринши қәдем” бағдарламасы тийкарында оқытылып, оларға исбилерменлик жумысын баслаў ушын әмелий жәрдем көрсетилген. Бул арқалы шаңарақлардың дәраматын арттырыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеўге үлес қосылмақта.

Мәжлис даўамында депутатлар есабат бойынша анық сораў ҳәм усыныслар билдирди. Атап айтқанда, турақлы жумыс орынларын жаратыў нәтийжелилиги, жасларды кәсипке бағдарлаў нәтийжелери, киши бизнести финанслық қоллап-қуўатлаў механизмлери сондай-ақ, жеңиллетилген кредитлер ажыратылыўында ашық-айдынлық мәселелери додаланды. Сондай-ақ, айырым мәҳәллелерде жумыссызлық дәрежеси жоқары екени, кәсип-өнерге оқытыў бағдарламаларын мийнет базарының талапларына бейимлестириў зәрүрлиги де атап өтилди.

Додалаўлар жуўмағында жаңа жумыс орынларын жаратыўды системалы даўам еттириў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин мәнзилли қоллап-қуўатлаў, алыс аймақларда микро бизнести раўажландырыў ушын инфраструктураны жақсылаў, кредит алыў процесслерин әпиўайыластырыў ҳәм түсиндириў жумысларын күшейтиў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп алынды. Депутатлар бул бағдарларда әмелий нәтийжелерге ерисиў ҳәм аймақларда ушырасып атырған әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша қадағалаўды даўам еттиретуғынын билдирди.

                                                                       Қарақалпақстан хабар агентлиги