Студент-жаслардың руўхый жетиклиги ҳәм жәмийетлик белсендилиги – әҳмийетли шеклерди ийелеўге жол ашады

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлердиң қатнасыўында ашық сәўбетлесиў болып өтти.
Ашық сәўбетлесиўде институттың жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы А.Базарбаев, Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң жетекшиси Е.Қасымов ҳәм басқа да жуўапкерлер жаслар менен ислесиў ҳәм руўхый-ағартыўшылық бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, быйылғы оқыў жылында институтта руўхый-ағартыўшылық жумыслар системалы түрде жолға қойылып, жасларды ҳәр тәреплеме жетик, Ўатанға садық, еркин пикирлейтуғын ҳәм жоқары мәнаўиятлы етип тәрбиялаў баслы мақсет етип белгиленди.
Ҳәр ҳәптениң пийшемби күни «Профилактика күни» сыпатында белгиленип, тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте диний экстремизм, терроризм, коррупция, адам саўдасы, нәшебентлик ҳәм басқа унамсыз иллетлердиң алдын алыўға бағдарланған үгит-нәсият илажлары өткерилмекте. Атап айтқанда, 2025-жыл даўамында 600 ден аслам, ал 2026-жылдың январь-февраль айларында 180 нен аслам руўхый-ағартыўшылық илажлары шөлкемлестирилди.
Институтта белгили шайыр ҳәм жазыўшылар менен 13 мәрте дөретиўшилик ушырасыў, Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммед Бабур, Әмир Темур, Әжинияз Қосыбай улы, Бердақ Ғарғабай улы сыяқлы уллы тулғалардың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған әдебий кешелер шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, студентлердиң театр ҳәм музейлерге турақлы түрде барыўы жолға қойылған.
Ҳәзирги ўақытта институтта улыўма 82 дөгерек ҳәм клуб жумыс алып барып атырған болып, оларға улыўма 6727 студент қамтып алынған. Соннан, 32 пән, 16 спорт, 22 руўхый-ағартыўшылық, 10 өнерментшилик бағдарындағы дөгереклер, «Тумарис» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамбли, «Сый перде», «Тараннум», «Балдәўрен» ансамбльлери, «Туран» командасы, «Зиялы жаслар» ҳәм «Дебат» интеллектуаллық клубы қәбилетли, билимли, зийрек студентлерди бирлестирмекте.
Студентлер республикалық ҳәм халықаралық көлемдеги таңлаў ҳәм жарысларда белсене қатнасып, соннан 75 студент халықаралық, 301 студент республикалық көлемде жеңимпаз болды. Ал, институттың спорт клубы тәрепинен 12 түрдеги спорт бағдарларында шынығыўлар жолға қойылған. 630 студент, соның ишинде, 227 студент-қыз спорт пенен турақлы шуғылланбақта. Оқыў жылы даўамында «Универсиада», «Бес баслама олимпиадасы», «Студентлер лигасы», «Ректор кубоги» сыяқлы спорт жарыслары ҳәм саламатлық илажлары шөлкемлестирилди.
Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли баслама шеңберинде институтта 43 клуб ҳәм дөгерек жумыс алып барып атырған болып, оларға 8404 студент қамтып алынды. Бул бағдарларда оқыў жылы даўамында 126 илаж өткерилди. Сондай-ақ, студентлер турақ жайларында «Бес баслама» ханалары ҳәм китапханалар шөлкемлестирилди.
Президент қарарына муўапық, Нөкис қаласындағы ҳәм Елликқала районындағы 11 мәҳәлледе жәмлеспеген жаслар менен системалы жумыслар жолға қойылды. Атап айтқанда, аймақларда 29 спорт жарысы, 36 үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилди. Мәҳәлле жаслары институттың спорт майданшалар ҳәм мәлимлеме-ресурс орайынан турақлы пайдаланбақта.

Ашық сәўбетлесиў даўамында қатнасыўшылар институт тәрепинен әмелге асырылып атырған әҳмийетли илажларды ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирип барыў, бирге ислесиў, республикалық әҳмийеттеги илажларға қатнасыў, институтты питкерген жаслардың бәнтлиги ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги