2026-жыл 1-июньнен Өзбекстан менен бирге ислесиўши мәмлекетлер арасында суў ҳәм салқын ишимликлерге байланыслы санлы маркировкалаў кодларын өз-ара тән алыў енгизиледи

8

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Санлы маркировкаланған товарлардың ҳәрекетин бақлап барыў системасын жетилистириўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, 2026-жыл 1-июньнен баслап Өзбекстан Республикасы ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлер арасында суў ҳәм салқын ишимликлерге байланыслы санлы маркировкалаў кодларын өз-ара тән алыў енгизиледи.

Қарарға бола Салық комитети бирге ислесиўши мәмлекетлердиң санлы маркировкалаў кодларын Өзбекстан Республикасы аймағында тән алыў бойынша ўәкилликли уйым есапланады.

2026-жыл 1-апрельге шекем санлы маркировкалаў кодлары мағлыўматлары бойынша мәлимлеме алмасыўға қойылатуғын талаплар белгиленеди ҳәм олардың қәўипсизлиги тәмийинленеди. Онда бул талаплар санлы маркировкалаў кодларын өз-ара тән алыў ҳәм товарлардың ҳәрекетин бақлап барыўда қатнасатуғын барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ушын мәжбүрий болып есапланады.

Бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы аймағында өз-ара тән алынған сырт мәмлекетлердиң санлы маркировкалаў кодларын электрон есап-фактура ҳәм онлайн қадағалаў-касса техникасының касса чеклеринде сәўлелендириў имканияты жаратылады.

Ҳәр жылы 15-январьға шекем санлы маркировканы өз-ара тән алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар процеси ҳәм оның нәтийжелери ҳаққында Министрлер Кабинетине есабат усынып барыў белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Бажыхана комитети:

Өзбекстан Республикасы бажыхана шегарасы арқалы алып өтилетуғын мәжбүрий санлы маркировкаланыўы керек болған товарларда санлы маркировкалаў кодларының бар екенлиги қадағаланыўын;

товарлардың нызамсыз айланысының алдын алыў мақсетинде бирге ислесиўши мәмлекетлердиң бажыхана уйымлары менен мағлыўмат алмасыўдыӊ жолға қойылыўын тәмийинлейди.

Қарарға муўапық:

“Asl belgisi” өнимлерди маркировкалаў ҳәм бақлап барыў миллий мәлимлеме системасының операторы санлы маркировкалаў мағлыўматларын қабыл етиў, қайта ислеў, сақлаў ҳәм қорғаўды тәмийинлейди;

Өзбекстан Республикасы аймағында қәлиплестирилетуғын ҳәм айланыста болатуғын санлы маркировка мағлыўматлары Өзбекстан Республикасы аймағында жайласқан дата-орайлар шеңберинде сақланыўы ҳәм қайта ислениўи шәрт;

товарлардың санлы маркировкасы ҳаққындағы мағлыўматлар сырт ел мәмлекетлик уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлерге халықаралық шәртнамалар тийкарында ҳәмде мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел еткен ҳалда жеткериледи;

Өзбекстан Республикасы аймағында мәжбүрий санлы маркировкаланыўы керек болған товарларды еркин айланысқа шығарыўға тек ғана “Asl belgisi” өнимлерди маркировкалаў ҳәм бақлап барыў миллий мәлимлеме системасында оларға енгизилген санлы идентификация қуралларының ҳақыйқыйлығы тастыйықланғаннан кейин жол қойылады.

Мағлыўмат орнында, алдынырақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәжбүрий санлы маркировкалаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы 2025-жыл 23-майдағы ПҚ-190-санлы қарарына муўапық төмендегилер:

қәўипти таллаў системасында мәжбүрий санлы маркировкалаў қағыйдаларын бузыў жағдайлары салық қәўпи дәрежесин жоқары деп баҳалаў ушын тийкар болыўы;

мәжбүрий санлы маркировкаланатуғын өнимлерди реализациялаўда маркировка коды бириктирилмеген электрон есап-фактураны рәсмийлестириўге жол қойылмаўы;

маркировка коды киргизилгеннен соң онлайн қадағалаў-касса техникасының касса чеки қәлиплестирилиўи;

алдын пайдаланылған маркировка кодлары киргизилгенде, онлайн қадағалаў-касса техникасының касса чеки қәлиплесиўине жол қоймаў белгиленген еди.

ӨзА