Социаллық тармақлар ҳәм жас шеклеўи: Дүньяда қандай нормалар енгизилмекте?

Бүгинги күнде ҳүкиметлер жаслардың руўхый саламатлығын ҳәм онлайн қәўипсизлигин қорғаў мақсетинде социаллық тармақларға кириў жасын қатаң белгилемекте.
Австралия – дүньядағы ең қатаң нызам:
2025-жылдың декабрь айынан баслап Австралияда 16 жастан киши болғанлар ушын социаллық тармақлардан (соныӊ ишинде, TikTok ҳәм YouTube) пайдаланыў рәсмий қадаған етилди. Ҳәттеки алдын ашылған аккаунтлар да блокланған. Қағыйданы бузған компанияларды 35 миллион долларлық жәрийма күтип турыпты.
Франция ҳәм Португалия:
Францияда минимал жас шегарасын 15 жас етип белгилеў режелестирилмекте. Португалияда болса 13 жасқа шекем болғанларға толық қадаған етилген, 16 жасқа шекем болғанларға болса ата-ананың тастыйықланған разылығы талап етиледи.
Израильде болса, 2026-жыл 2-февральдан баслап баслаўыш мектеплерде мобиль телефонлардан пайдаланыў пүткиллей қадаған етилди. Бул қарарды Билимлендириў министрлиги 2025-жыл декабрьде жәриялаған ҳәм ол пүткил мәмлекет бойлап әмел етеди.
АҚШтағы жағдай:
Америкада шеклеўлер штатларға қарап өзгешеленеди:
Виржиния: 16 жасқа шекем болғанларға күнине тек ғана 1 саат пайдаланыўға руқсат берилген.
Небраска: шексиз лента (scrolling) ҳәм видеоларды автомат түрде орынлаў сыяқлы “өзине үйретиўши” функцияларды шеклемекте.
Не ушын бул шеклеўлер керек?
Изертлеўлерге бола, өспиримлер күнине орташа 7,5 саатты интернетте өткермекте. Бул болса төмендеги қәўиплерди келтирип шығарады:
Дыққаттың тарқалыўы ҳәм уйқысызлық;
Депрессия ҳәм социаллық қәўетер;
Кибербуллинг (онлайн кемситиў).
Көплеген мәмлекетлер енди тек ғана усыныс бериў емес, ал нызамлы қадағалаўлар арқалы санлы әўлад саламатлығын қадағалаўға алмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги