АҚШ делегациясы Республикалық вакцина сақлаў қоймаханасындағы шараят пенен танысты

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм АҚШтың Сент-Жуд балалар изертлеў емлеўханасының ўәкиллери елимизде балалар онкологиясын ерте анықлаў ҳәм емлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар менен таныспақта. Атап айтқанда, Американың бул белгили медициналық мәкемесиниң вице-президенти Карлос Родригес-Галиндо басшылығындағы делегация ағзалары елимиздеги ҳәр қыйлы емлеў орынлары, дәри-дәрмақ ҳәм вакцина сақлаў қоймаханаларының жумысын көзден өткермекте.
Дәслеп мийманлар Республикалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети Республикалық вакцина сақлаў қоймаханасында болды. Оларға денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Эльмира Боситхонова, Өзбекстан Республикасы Бас мәмлекетлик санитариялық шыпакери, комитет баслығы Баҳодир Юсупалиев басшылық етти.
Мәмлекетимиздеги вакцинация процеси, препаратлардың суўық шынжырға толық жалғанған ҳалда сақланыўы ҳәм басқа да зәрүр әмелиятларға айрықша тоқтап өтилди.
Усы жерде айтыў керек, Республикалық вакцина сақлаў қоймаханасы Орайлық Азиядағы ең ири усындай мәкеме болып есапланады. Бул комплекс сақлаў ушын усыныс етилген температура ҳәр қыйлы болған оғада көп муғдарда вакцина сақлаўға мөлшерленген. Соның менен бирге, миллий шаншыў бағдарламасы ушын логистика орайына айландырылған бул орын вакциналарды жеткерип бериў ҳәм басқарыў ушын шексиз имканиятқа ийе.
Складта ҳәзирги ўақытта бар барлық түрдеги препаратларды сақлаў мүмкин. Дерлик 1000 м2 көлемдеги үш суўықлық камерасы (2-8°Ц), 3000 литрлик ультра суўытқышлар ҳәм 40 м3 орынды ийелеген музлатқыш-ханалар менен үскенеленген комплексте иммунизция ушын зәрүр материаллар сақланатуғын, майданы 1000 м2 қурғақ қоймахана да бар. Өнимди тез ҳәм зыянсыз тасыйтуғын электр жүк көтериўшилер, аспа доклар, тегислеў платформалары ҳәм көтериў механизмлери еки өз алдына ток тармағына жалғанған. Буннан тысқары, объектти үзликсиз электр менен тәмийинлеў имканиятын беретуғын күшли резерв дизель генераторы да бар.
Ушырасыў даўамында Республикалық вакцина сақлаў қоймаханасында жаратылған шараятлар бойынша өз-ара пикир алысылды.
Мағлыўматларға қарағанда, дүнья көлеминде ҳәр жылы шама менен 400 000 балада рак анықланады. Жоқары дәраматлы мәмлекетлерде олардың 80 проценти саўалып кетеди. Тилекке қарсы, кем ҳәм орта дәраматлы мәмлекетлерде өмир сүриў көрсеткиши 30 проценттен төмен.
Усы айырмашылық Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкемин (ЖДСШ) “Сент-Жуд” балалар изертлеў емлеўханасы менен биргеликте Балалар рагине қарсы глобаллық басламаны жолға қойыўға ийтермеледи. Мақсет – 2030-жылға шекем балалардың онкологиядан тири қалыў дәрежесин кеминде 60 процентке жеткериў.
– Өзбекстан бул басламаға дәрҳал қосылған мәмлекетлерден бири, – дейди ЖДСШ мәмлекетимиздеги ўәкилханасының Рак кеселлигин басқарыў бойынша қәнигеси доктор Шарон Капамбве. – Таллаўларға бола, балаларды рак кеселлигинен сақлап қалыў дәрежесиниң төменлигиниң тийкарғы себеплеринен бири дәри-дәрмақлар тәмийнатының жетерли емеслиги болып есапланады. Дүнья бойлап жүдә көп бала қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрманды ўақтында ала алмай атыр. Қалаберди, бундай препаратлар жүдә қымбат. Сол себепли ЖДСШ, “Сент-Жуд” ҳәм ЮНИСЕФ биргеликте Балалар рак кеселлигине қарсы дәри-дәрмақларды жеткерип бериў бойынша глобаллық платформаны иске қосты. Өзбекстан процессте сынақ мәнзили сыпатында таңланған 6 мәмлекеттен бири. Биз ҳүкиметтиң усы машқалаға қатаң қатнас жасаўын көрип турмыз. Бүгинги миссия усы глобаллық платформа республикамызда қалай ислеп атырғанын үйрениў. Бақлаўды дәри-дәрмақлардың мәмлекетке кирип келиўи – бажыхана рәсмийлестириўи ноқатларынан басладық. Өзбекстан ҳүкимети зәрүр дәри-дәрмақ балаларға қәўипсиз ҳәм ўақтында жетип барыўын тәмийинлеў ушын аянбай ҳәрекет етип атырғанын көрдик. Бул бағдардағы ҳәрекетлерди айрықша атап өтемиз. Себеби, жәрдемге мүтәж ул-қызлар белгиленген препаратларды кешикпей алыўы оғада әҳмиетли. Дурыс, дәрилер арзан емес. Сондай-ақ, ЖДСШ ҳәм “Сент-Жуд” бирге ислесиўи себепли жас наўқаслар дәрилерди бийпул алыў имканиятына ийе болмақта. Сол арқалы балалардың саўалып кетиў дәрежеси кескин артады.
Делегация ағзалары 28-февральға шекем мәмлекетимизде болып, және бир қатар ушырасыўлар, сөйлесиўлер өткереди.
Гўзал Сатторова, Отабек Мирсоатов, ӨзА