Алимент төлеўшилерге ҳуқықый жәрдем көрсетилди

10

Беруний районы прокуратурасы, Мәжбүрий орынлаў бюросы районлық бөлиминиң басламасы менен ержетпеген перзентлериниң тәмийнатына жуўапкер алимент төлеўшилерде төлем мәдениятын арттырыў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў, алимент төлемлерине байланыслы ҳуқықый мәсләҳәтлер ҳәм олардың денсаўлығын сақлаўға қаратылған илаж өткерилди.

Илажда шығып сөйлегенлер, суд қарарларына бола алимент төлеўши шахслардың саны өткен жылға салыстырғанда 100 ге артқанлығы атап өтилип, алимент төлемеген шахсларға кескин илажлар көрилиўи бойынша ҳуқықый түсиник берилди.

Усы күни жумыссыз алимент төлеўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде мийнет ярмаркасы өткерилип, 13 қарыздарға жумысқа жайласыў ушын жоллама берилди. Буннан тысқары, 9 алимент төлеўши медициналық тексериўден өткерилди ҳәм 11 пуқараның алимент өндириўге байланыслы мүрәжаты қабыл етилди.

Сондай-ақ, илаж шеңберинде жынаят ислери бойынша Беруний районы суды судьясы И.Алланиязов тәрепинен көшпели суд мәжилиси өткерилип, онда алимент төлеўден турақлы түрде бас тартып келген 5 шахстың жуўапкершилик мәселеси шешилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги