Мәмлекетлик бағдарлама: стратегиялық мақсетлер халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылғаны менен және де әҳмийетли

14

Усы жылдың 16-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерлетиў жылы”нда тийкарғы бағдарлар бойынша реформалар бағдарламалары ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.


Пәрман алдынғы жылларда қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарламалардан мазмуны ҳәм формасы жағынан өзгеше болып, алдынғы сырт ел тәжирийбеси және пүткиллей жаңа қатнас тийкарында ислеп шығылды. Мәмлекет басшысының Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгиленген тараўларға байланыслы бес тийкарғы бағдар бойынша басламаларды қамтып алған айрықша реформалар бағдарламалары және “Өзбекстан – 2030” стратегиясын 2026-жылы әмелге асырыўға қаратылған Мәмлекетлик бағдарлама болып есапланады.

Бағдарламада ең тийкарғы итибар мәҳәллелерге жаңа Өзбекстанның руўхын ҳәм заманагөй келбетин алып кириўге қаратылған. Соның менен бирге, экономиканы технология ҳәм инновацияларға тийкарланған жаңа өсиў басқышына алып шығыў, ишки базарда талапты хошаметлеў де әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленген. Заманагөй кәсиплерди раўажландырыў ҳәм мийнет базарын жаңа шараятларға сәйкес түрде қәлиплестириў де тийкарғы бағдарлардан есапланады.

Буннан тысқары, экологиялық турақлылықты сақлаў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасын жетилистириўге айрықша әҳмийет берилген. Бул бағдарлар мәмлекет раўажланыўының барлық әҳмийетли тараўларын қамтып алып, халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған избе-из ҳәм өз-ара байланыслы илажлар системасын билдиреди.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерлетиў жылы”нда әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламада 337 бәнттен ибарат анық әмелий илажлар сәўлеленген. Соның менен бирге, 2026-жыл даўамында тараўлар кесиминде 59 әҳмийетли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң ислеп шығылыўы нәзерде тутылған. Бул болса мәмлекетлик сиясаттың барлық тараўларда системалы, ҳуқықый тийкарланған ҳәм ашық-айдын түрде әмелге асырылыўын тәмийинлейди.

Мәҳәллелерде санаат ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын әмелге асырыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм ишки экономикалық белсендиликти күшейтиў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленди.

Сондай-ақ, мәҳәллелердиң финанслық имканиятларын кеңейтиў, қорлардың қаржыларын арттырыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў механизмлерин енгизиў арқалы аймақлардағы социаллық-экономикалық машқалаларды орнында шешиў нәзерде тутылған.

Атап айтқанда, мәҳәлле аймағында өндирис кәрханалары ҳәм хызмет көрсетиў орынларын шөлкемлестириў ушын кредит қаржыларын ажыратыўға жәми 5 триллион сум қаржы қаратыў нәзерде тутылған болып, онда кредит процентиниң миллий валютада 10 процентке шекемги, сырт ел валютасында 4 процентке шекемги бөлеги қаплап берилиўи жолға қойылады. Буның нәтийжесинде болса 10 мыңнан аслам өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарлары иске қосылады және мәҳәллелерде қосымша 100 мың жаңа жумыс орны жаратылады. Сондай-ақ, мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў ушын 20 триллион сум қаржы қаратылыўы нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, санлы платформалар арқалы халықтың машқалаларын “үйме-үй” үйрениў ҳәм оларды онлайн қадағалаў системасының енгизилиўи мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырады ҳәм мүрәжатлардың өз ўақтында шешилиўин тәмийинлейди.

Улыўма алғанда, бул реформалар мәҳәллени жәмийет раўажланыўының таяныш буўынына айландырып, пуқаралардың социаллық белсендилиги, экономикалық турақлылығы ҳәм турмыс сапасын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Жәмийетте тилеклесликти тәмийинлеў арқалы оны жоқарылатыў бойынша тийкарғы реформалар бағдарламасы мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў, суд-ҳуқық системасын халықаралық стандартларға муўапық модернизациялаў және жәмийетте тилеклеслик ҳәм белсенди пуқаралық позициясын беккемлеўге қаратылған комплексли илажларды өз ишине алады.

Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде халық ушын қолайлықларды буннан былай да кеңейтиў, судлардың жумысына халықаралық стандартларға сәйкес жаңа институтларды енгизиў арқалы әдил судлаўдың сапасын буннан былай да арттырыў белгиленген болып, халық ўәкиллери коллегиясы институты енгизилип, “хабеас корпус” механизмлери шеңберинде тергеў судьяларының ўәкилликлери кеңейтиледи. Сондай-ақ, қорғаў институты беккемленип, адвокатлардың жынаят процесиндеги ҳуқықлары сезилерли дәрежеде арттырылады.

Ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған зорлық сыяқлы жәмийет алдында турған әҳмийетли машқалаларға қарсы гүресиў бойынша нәтийжели ислейтуғын системаны жолға қойыў нәзерде тутылған. Онда 14 жасқа толмаған шахсларға исленген жынысый жынаятлар ушын өмирлик еркинен айырыўға шекемги жаза илажларын белгилеў ҳәм жас өспиримлерге исленген жынысый ҳәм зорлыққа байланыслы жынаятларды тергеўди прокуратура уйымларының ўәкиллигине өткериў белгиленген. Буның нәтийжесинде болса жәмийетте “зорлық-зомбылыққа шыдамсызлық” принципи социаллық норма сыпатында қәлиплеседи.

Буннан тысқары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў мақсетинде 2026-жыл даўамында комплаенс және коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бағдарында жуўапкер орынбасарлардың жумысын жолға қойыў, сондай-ақ, олардың нәтийжели ислеўин тәмийинлеў ушын зәрүр шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, мәжбүрий орынлаў уйымларының жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы орынлаў ҳүжжетлерин өндириўди инсан факторысыз әмелге асырыў әмелиятын жолға қойыў белгиленген.

Жуўмақлап айтқанда, бул бағдарлама мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасын заманагөй талаплар тийкарында жетилистириў, коррупцияға қарсы нәтийжели механизмлерди енгизиў, инсан ҳуқықларын исенимли қорғаў және жәмийетте белсендилик ҳәм тилеклесликти күшейтиўге қаратылған комплексли реформаларды қамтып алады. Бул илажлар арқалы мәмлекетлик уйымлардың жумысының ашық-айдынлығы ҳәм нәтийжелилиги арттырылып, әдил, ҳуқықый ҳәм турақлы жәмийетти қәлиплестириўге беккем тийкар жаратылады.

Инобат ХАКИМОВА, ӨзА

“Тараққиёт стратегияси” орайы

бас қәнигеси.