Тәрбияшы жумысына тикленди

14

Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судының 2026-жыл 7-февральдағы орынлаў ҳүжжетине тийкар, пуқара К.Н.ны Беруний районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 52-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминдеги алдынғы жумыс орнына тиклеў белгиленген.

Бирақ жуўапкер суд қарарының орынланыўын тәмийинлемегени себепли пуқара К.Н. суд ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеп бериўин сорап, Мәжбүрий орынлаў бюросы Беруний районлық бөлимине мүрәжат еткен ҳәм орынлаў ҳәрекетлерине кирисилген.

Бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы шөлкем баслығына ҳүжжеттиң орынланыўы тәмийинлениўи лазымлығы, оның орынланыўын тәмийинлемеў ақыбети ҳаққында ескертиў берген. Буннан соң 52-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми баслығының 2026-жыл 10-февральдағы буйрығына бола, пуқара өзиниң алдыңғы жумыс орнына тәрбияшы болып қайта тикленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги